|
Саитова Азима Калжановна, биология илимлериниң кандидаты, доцент. 1959-жылы 19-январьда Нөкис қаласында туўылған. 1977-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. 1997-жылы «Влияние физиологически активных соединений на растения хлопчатника в условиях засоления» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 70 тен аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 4 оқыў қолланба, 8 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты. 2017-жыл 29-февраль сәнесинен баслап кафедра баслығы лаўазымында ислеп атыр.
|
|
Халмуратов Полат, биология илимлериниң кандидаты, доцент 1948-жылы Шоманай районында туўылған. 1969-жылы Қарақалпақ мамлекетлик педагогика институтын тамамлаған. Қәнигелиги биология ҳәм аўыл хожалығы тийкарлары. 1980-жылы “Флора и растительность песков Сам и Матайкум” атлы темада кандидатлық диссертациясын жақлады. 100 ден аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланған. Соның ишинде 4 монография, 20 дан аслам оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шыққан. 2017-жылдан баслап кафедра доценти лаўазымында жумыс ислеп атыр.
|
|
Турсунбоев Ҳамдам Ешбоевич, биология илимлериниң кандидаты, доцент. 1976-жылы Әмиўдәрья районында туўылған. Қәнигелиги биолог. 2004-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. 2011-жылы «Биологические особенности интродуцированных видов рода ACER L. на юге Каракалпакстана» атамасындағы кандидатлық диссертациясын жақлады. 40 қа жақын илимий мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 2 оқыў-методикалық қолланба, 3 оқыў-методикалық көрсетпеси баспадан шықты. 2015-2019 жылларда Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша проректор лаўазымында иследи. 2017 жылдан баслап Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасында доцент лаўазымында жумыс ислеп атыр.
|
|
Жангабаева Айгул Сарсенбаевна, Аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы .1985 жылы Нөкис қаласында туўылған. 2011-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған.
Қәнигелиги Эколог. 2019-жылы “Қорақалпоғистон Республикасида тупроқ шўрланиши шароитида топинамбур (Helianthus tuberosus L.) ўсимлигининг етиштириш технологиясини такомиллаштириш” атамасында аўыл хожалығы пәнлери бойынша философия докторы (PhD) диссертациясын жақлады. 40 тан аслам илимий-методикалық мийнетлери, соның ишинде 2 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты. 2017 жылдан баслап Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасында оқытыўшы болып жумыс ислеп атыр.
|
|
Абипов Рустем Камалович, Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасы ассистенти, 1979-жылы Нөкис қаласында туўылған. 2002-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги Эколог. 30 тан аслам илимий-методикалық мийнетлери, соның ишинде 1 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты.
|
|
Төрениязова Салтанат Елмуратовна, Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасы ассистенти 1986-жылы Кегейли районынында туўылған. 2011-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги Ботаник. 60 тан аслам илимий-методикалық мийнетлери, соның ишинде 4 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты.
|
|
Джолымбетов Оразалы Нариманович, Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасы стажёр-оқытыўшы 1994-жылы нөкис қаласында туўылған. 2018-жылы Ташкент Мәмлекетлик аграр университетин тамамлаған. Қәнигелиги Дәрилик өсимликлер жетистириў ҳәм қайта ислеў технологиясы. 7 мақаласы бар. 2018- жылдан Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасында стажёр-оқытыўшысы лаўазымында жумыс ислеп атыр.
|
|
Джолимбетов Оразали Нариманович, стажер-преподаватель кафедры агроэкологии и интродукции лекарственных растений, родился в 1994 году в городе Нукусе. В 2018 году окончил Ташкентский государственный аграрный университет. Технология выращивания и переработки лекарственных растений по специальности. Более 7 статей. С 2018 года работает стажер-преподаватель кафедры Агроэкологии и интродукции лекарственных растений.
|