тест сораўларын белгиленген мүддеттен алдын орынлаў, оннан кейин тест материалларын тәртип пенен топар бақлаўшысына тапсырыў ҳәм де тест сынақлары өткерилетуғын жерден шығып кетиў.
Абитуриент тест сынақлары өткерилетуғын күни бинаға тийисли орынға саат 07:00 (екинши смена саат 13:00) ге шекем, бинаға саат 07:30 (екинши смена саат 13:30) ға шекем тек абитуриент руқсатнамасы ҳәм паспорты менен шахсты идентификациялаў қураллары ҳәм де видеофиксация қурылмалары арқалы тәртип пенен кириўи, тест сынақларын өткериў қағыйдаларына қатаң әмел қылыў менен бирге, биринши сменада саат 07:30 дан 08:00 ге шекем, екинши сменада саат 14:30 дан 15:00 ге шекем төмендеги жумысларды әмелге асырыўы керек:
тест сораўлары китабы номери ҳәм соған сәйкес жуўап бети номерлериниң сәйкеслигин тексериў;
тест материалларының толықлығын тексериў ҳәм онда кемшилик бар екенлиги анықланса, тез топар бақлаўшысына хабар бериў;
жуўап бетиниң туўры толтырылыўын тәмийинлеў;
тест сораўлары китабының титулында (сыртқы бетинде) ҳәм жуўап бетинде көрсетилген тийисли орынға фамилиясы, исми, атасының исмин жазып қол қойыў;
жуўап бети номерин абитуриент руқсатнамасы ҳәм титул бетиниң тийисли жерине туўры көширип қол қойыў;
титул бетинде көрсетилген арнаўлы код ҳәм оқыў орны кодын жуўап бетинде көрсетилген орынға туўры көширип жазыў ҳәм тийисли шеңберлерди бояў.
Абитуриент жоқарыда көрсетилген мәжбүриятлардан тысқары төмендегилерге жеке жуўапкер есапланады:
жуўап бетин аспан көк реңдеги пасталы шарикли ручка менен толтырыў;
жуўап бетин бүклемеў, маркер сызығына жазбаў, жуўап бети номери астында жайласқан шеңберлерди боямаў;
жуўап бети билим дәрежесин белгилеўши тийкарғы ҳүжжет болғанлығы ушын оны туўры толтырыў;
белгиленген мүддет тамамланғанша тест сораўлары китабында бар болған тест тапсырмаларын орынлаған ҳалда жуўап бетиниң сәйкес тәртип номериндеги тийисли шеңберлерди бояў, тест сораўлары китабын ҳәм соған сәйкес болған жуўап бетин топар бақлаўшысына тапсырыў.
Тест сораўлары улыўма орта ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлериниң улыўма билим пәнлери оқыў бағдарламаларына муўапық дүзиледи.
Абитуриентлер таңлаған билим бағдарына қарап тийисли түрде бир, еки яки үш пән комплекси бойынша тест сынақларын тапсырады.
Тест сораўлары китабындағы ҳәр бир пән 30 тест сораўын өз ишине алады.
Тест сораўларын орынлаў ушын (жуўап бетин толтырыў менен бирге) 30 тест сораўына 1 саат, 60 тест сораўына 2 саат, 90 тест сораўына 3 саат ўақыт белгиленеди.
Ҳәр бир тест сораўына 4 ден («А», «В», «С», «D») жуўаплар бериледи.
Абитуриент тәрепинен ҳәр бир тест сораўына тек бир жуўап белгилениўи шәрт болып, тест сораўлары китабында туўры деп есапланған жуўапларды жуўап бетиндеги сәйкес тәртип номерли шеңберден биреўин бояйды (жуўап бетине боялған жуўапларды өзгертиў мүмкин емес). Егер жуўап бетиндеги «белгилеў ушын үлги» қағыйдасына әмел қылынбаса, мәселен, бир тест сораўына жуўап бетинде тийисли шеңбер боялмаса яки еки ҳәм оннан артық шеңбер боялса ямаса толық боялмаса, усы тест сораўына балл берилмейди.
Абитуриенттиң тест сынақларын тапсырыў ўақтында топардан шығыўына болмайды, шыққан абитуриентлер кайтадан тест сынақларына қойылмайды. Денсаўлығына унамсыз тәсир етиў мүмкин болған жағдайларда тест материалларысыз бақлаў астында топардан шығыў жағдайлары буған кирмейди.
Төмендеги жағдайларда абитуриент тест сынақларынан шетлетиледи ҳәм нәтийжелериниң шығарылмаўына тийкар болады:
тест сынақлары өткерилетуғын жерге яки бинаға кириўде микрокалькулятор, сөзлик, кесте, китап, уялы телефон, компьютер, телекоммуникация курылмалары ҳәм басқа қураллар, шпаргалкалар алып кириўге ҳәрекет етилсе, алып кирген болса яки олардан тест сынақлары даўамында пайдаланса;
тест материалларын басқа абитуриентке узатса яки оларға жәрдем берсе;
тест материалларын бинадан сыртқа шығарса, тест сораўлары китабының бетин жыртса,
тест сынақлары ушын ажыратылған ўақыт тамамланғанда тест материалларын тапсырыўдан бас тартса;
тест сынақлары барысында видеобақлаўлар арқалы абитуриенттиң тәртип ҳәм қағыйдаларына әмел қылынбағаны анықланса.