ФАКУЛЬТЕТЛЕР АРАЛЫҚ ДЕНЕ МӘДЕНИЯТЫ ҲӘМ СПОРТ КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

ФАКУЛЬТЕТЛЕР АРАЛЫҚ ДЕНЕ МӘДЕНИЯТЫ ҲӘМ СПОРТ КАФЕДРАСЫ

1976-жыл Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде дене тәрбиясы кафедрасы шөлкем-лестирилген. 1976-1987, 1990-1991 жыллары кафедраға доцент Насиба Саргубаева, 1988-1990 жыллар Жаксымурат Мамбетов, 1992-2000 жыллар Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен дене тәрбиясы хызметкери, доцент Юрий Кулаков, 2000-2011 жыллар Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Қарақалпақстан Республикасына хыз-мет көрсеткен тренер, доцент Аллаяр Казаков, 2011-2015 жыллары педагогика илимлери канди-даты Нийетбай Каипов, 2015-2016 жыллары Жеңис Турдымуратов басшылық етип келди.

Кафедра ағзалары тәрепинен 30 дан аслам оқыў қолланбалар ҳәм илимий мақалалар шығарылды.Бүгинги күнде кафедра ағзалары, үлкен оқытыўшылар А.Исмайлова, А.Мамутов, А.Табынбаев, Б.Казаков, А.Курбанбаев, Ж.Акимов, ассистент оқытыўшылар А.Кощанов, А.Аспетуллаев, Б.Матуразов, Ж .Курбаниязов, А .Казакбаев, Р. Машарипов, Б.Еримбетов, Х.Абдикамалов, Ю.Султамуратов, Н.Жанхожаевлар өз билимлерин жасларға үйретип келмекте.

 

Пайдалы дереклер