Сырт ел студентлери ушын төлем-контракт муғдары | Karakalpak state university

Сырт ел студентлери ушын төлем-контракт муғдары

СЫРТ ЕЛ ПУҚАРАЛАРЫН ҚАБЫЛ ЕТИЎ ТӘРТИБИ ҲӘМ КОНТРАКТ ТӨЛЕМЛЕРИ

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Шет елли пуқаралардың ҳүжжетлери Бакалавриатда оқыў ушын ҳәр жылы июнь-июль айларында қабылланады.

Керекли ҳүжжетлер дизими төмендегише:

-Пуқаралық паспорты түп нусқасы ҳәм көширмеси (соның ишинде шет елге шығыў паспорты;

-Мектеп, колледж ямаса лицейди тамалағанын тастыйықлаўшы Гүўалығы баҳалар қосымшасы менен түп нусқасы ҳәм көширмеси (ҳүжжетлер рус тилинде ноториус тәрепинен тастыйықланған болыўы тийис);

-3х4 фото сүўрети-6 дана;

-Жасаў орнынан медициналық мағлыўматнама (ҳүжжетлер рус тилинде ноториус тәрепинен тастыйықланған болыўы тийис);

-Жасаў орнындағы АИЖС (СПИД) орайынан мағлыўматнама;

 

Өзбекстан Республикасының Билимлендириў мәкемелерине қабыл қылыў бойынша Мәмлекетлик Комиссиясы тәрепинен 2018-2019-оқыў жылы ушын сырт елли пуқаралар ушын Контракт төлеми таңлаған қәнигелигине қарап 20 миллион сумнан 33 миллион сумға шекемги аралықта белгиленген.

 

Пайдалы дереклер