slot gacor hari inislot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot gacor terbaikslot pulsahttps://mti.unpam.ac.id/assets/images/https://besadu.belitung.go.id/css/https://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://e-office.pangandarankab.go.id/demo/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/
Устаз-шәкирт мектеби | Karakalpak state university

Устаз-шәкирт мектеби

Университетте «Устаз-шәкирт» устазлық мектеби ҳәм оның әмелий нәтийжелери.

 

Республикамызды жедел раўажландырыў реформаларының жаңа басқышы менен байланыслы Өзбекстан жәмийетин жаңалаў, «2017-2021 жылларда раўажланыўдың бес баслы бағдары бойынша ҳәрекетлер стратегиясы»н әмелге асырыў; алдыға илгерлеў ҳәммемиз, әсиресе, жас әўладтан – бүгинги ҳәм ертеңги күнниң шешиўши күшинен белсендилик талап етиледи.

Тәлимди модернизациялаўдың табысы, ең дәслеп, оқытыўшылар, олардың тәжирийбеси ҳәм қәнигелилигине байланыслы. Заманагөй университет профессиональ билимли, еркин пикирлейтуғын оқытыў, сондай-ақ, психологиялық ҳәм технологиялық жақтан әмелде инсаныйлық қәдириятларын әмелге асырыўға мүтәж. Бул инновациялық процесслерде мазмунлы қатнасыўға таяр болған оқытыўшы болыўы керек. Заманагөй экономика, илим, маданият, техника ҳәм технологиялар тийкарында жоқары билимлендириў системасын раўажландырыў, искерлик жүритиў ҳәм жетилистириўдиң  ең әҳмийетли шәрти – оқытыўшының тәлим процессине интеграцияласыўға тайынлығы.

Устаз-шәкирт «менторлик мектеби жас оқытыўшыға тәжирийбели устаз тәрепинен зәрүр көмек, оқытыў көнликпелерине ийе болыў ҳәм жумыс орында жылдам әмелий жәрдем көрсетиўи мүмкин. Бундай қарарға болған талап «Устаз-шәкирт» устазлық системасын қәлиплестирилди, бул болса үлкен муғдардағы билимлерди өзлестириў, кәсиплик таярлық ҳәм өндирис қатнасықларын орнатыў қәбилиетине жәрдем береди. «Устаз-шәкирт» устазлық мектеби бирге ислесиў педагогикасы бағдары бойынша искерлик алып барыўға исенемиз, бул жас педагогтың тәжирийбели устаз болған бирликтеги жумысы. Бул устазлық мектеби жас пенен үлкен кәсиплеси жумысын өз ишине алады, илимий, ҳәм профессиональ жәрдем ҳәм қоллап-қуўатлаў. Бул арқалы төмендегилерди әмелге асырыў мүмкин:

– университетте жас оқытыўшылардың кәсиплик дәрежеси ҳәм тәжирийбесин асырыў;

– жас қәниге-педагогларда тәлим искерлигине унамлы қатнасты раўажландырыў;

– педагогикалық искерликке тез бейимлесиў ҳәм күтилген нәтийжелерге ерисиў имканияты;

– университетте тәлим процессиниң сапасын асырыўға көмеклесиў.

Усы система жас оқытыўшыға жоқары тәлим системасының барлық бөлимлери искерлиги менен танысыўға жәрдем беретуғын жол картасы. Бул уқсатыўда педагогикалық искерликти шөлкемлестириўдиң үлгиси ҳәм жас оқытыўшыны руўхландырыў процесси.

«Устаз-шәкирт» устазлық мектеби басқарыў көнликпеларин раўажландырыў, әмелий тәжирийбениң кемшиликлерин сапластырыў, жас оқытыўшының жеке пәзийлетлерин қәлиплестириў, әмелий көнликпелерге ийе болыўдың методикалық базасын жетилистириўге жәрдем береди.

Устаз ҳәм шәкиртлер факультет студентлери менен үлкен руўхый-мәрипәт ҳәм тәрбиялық жумыслар алып барылыўы талап етиледи. Бул дөгерек сәўбетлери, пикир алысыўлар, заманымыздың әҳмийетли мәселелери бойынша презентациялар өткериў, театрлар, музейлар, көргизбелер, мәденият ҳәм дем алыў орайлары сыяқлы мәденият ҳәм искусство орынларына биргеликте барыўлары талап етиледи.

«Устаз-шәкирт» устазлық мектеби жоқары тәлим тараўында жас профессиональ кадрлар таярлаўға үлкен үлес қосыўы ҳәм жақсы нәтийжелерге еритиўи мүмкин.

 

Пайдалы дереклер