slot gacor hari inislot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot gacor terbaikslot pulsahttps://mti.unpam.ac.id/assets/images/https://besadu.belitung.go.id/css/https://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://e-office.pangandarankab.go.id/demo/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/
Магистратура бөлими | Karakalpak state university

Магистратура бөлими

 

 

 

Магистратура бөлими баслығы

Алламбергенов Илимпаз Хасанбаевич

Педагогика илимлери бойынша философия докторы, доцент

+99861 223-58-64
a.ilimpaz@karsu.uz

Мәмлекетимизде 1997-жыл 29-августта билимлендириў тараўын дүнья стандартлары дәрежесине жеткериў мақсетинде Өзбекстан Республикасының «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамы ҳǝм де «Кадрлар таярлаўдың миллий бағдарламасы» қабыл етилди. Усы ǝҳмийетли ҳүжжетлерге муўапық, 1999-жылдан баслап Өзбекстан Республикасындағы  бир қатар алдыңғы жоқары оқыў орынларында  билим бериўдиң екинши басқышы – магистратура қǝнигеликлери бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылды.

Усы дǝўирден баслап университетимизде  магистратура қәнигеликлери ашылды.

2001-жылдан баслап арнаўлы магистратура факультети шөлкемлестирилип, оған тǝжирийбели профессор-оқытыўшылар басшылық етти (профессор С.Қосбергенов 2001-2004 жж., профессор Ш.Абдиназимов 2004-2005 жж.). Магистратура қǝнигеликлерин жетилистириў ҳǝм де бул бағдардағы илимий потенциалды күшейтиў мақсетинде магистратура факультети арнаўлы бөлимге айландырылды. Бөлимге профессор М.Тагаев (2007-2009 жж.), профессор Е.Қутыбаевалар (2010-2012 жж.), доцент А.Гулимов (2012-2020) басшылық еткен болса, хазирги ўакытта педагогика илимлери бойынша философия доктори, доцент Илимпаз Алламбергенов басшылық етип атыр. Ал, методист Ақылбек Каракулов бөлимниң улыўма хызметлерин шөлкемлестириў жумыслары менен шуғылланады.

Магистратура бөлиминде 2017-2018 оқыў жылында 22 қәнигелик, 2018-2019  оқыў жылында 24  қәнигелик, 2020-2021 оқыў жылынан баслап 46 қәнигелик бойынша тәлим бағдары бар.

Бөлимде оқып, илим-изертлеў жумысларын алып барып атырған  магистрантлар билим алыўда, илимий изленислерде өз табысларын қолға киргизиў менен бир қатарда, университетимиздиң жәмийетлик жумысларына да белсене қатнасып келмекте.

Мысалы, 2008-2009 оқыў жылында Ташкент қаласында өткерилген питкериўши магистрантлардың «Ең жақсы магистрлик диссертация» таңлаўында университетимизден 5 магистранттың диссертациясы биринши орынға ылайық деп табылды.

Магистратура қǝнигеликлери бойынша талантлы,  илимге уқыплы жаслардың таңлап алыныўы өзиниң нǝтийжесин берип, зийрек магистрантларымыз оқыўдағы, илимдеги, мәденият ҳǝм спорттағы  жетискенликлери менен университетимиздиң мақтанышына айланған.

Бизиӊ мақтанышымыз:

Президент стипендиятлары- Р.Айтмуратов (2010-жылы), И.Алдабергенов (2012-жылы), Э.Эгамбердиев (2014-жылы), М.Палымбетова ҳǝм Г.Сейтназарова (2016-жылы), А.Бектурсынова(2017-жылы), З.Айымбетова (2018-жылы)

«Наўайы» атындағы мǝмлекетлик стипендиятлары-Р.Якубов,   Г.Кенжебаева,  М.Жумамуратова, А.Зарымбетов, Р.Алеуова, Г.Мамбетназаров, Н.Кутлымуратова, Б.Қалилаева, М.Қутлымуратов, Г.Бегжанова, Л.Сейтжанова, С.Раджапов

«Улығбек» атындағы стипендиятлары-А.Шамишова, Қ.Узақбаев, И.Арепбаев, Ш.Оразова, Д.Бектурсынова, Г.Абдреймова

«Мард уғлон» мǝмлекетлик сыйлығы жеӊимпазы- И.Мамбетназаров

Өзбекстан көкирек нышаны белгиси ийеси – Жолдасбаев Парахат (2015-жылы)

«Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары– Ахымбетова Гүлбәҳәр, Мамбетрзаева Несибели, Алиеҳәм Замира ҳәм Оразымбетова Айшолпан

Буннан тысқары, дөретиўши жасларымыздан бири Арзиев Руслан Арысланбаевич 2008-жылы «Ақшакөл илҳамлары», «Замин» республикалық дөретиўши жаслар таңлаўында 1-орынды ийелеўге еристи, ол спорттың «Каратэ-до» түри бойынша 2009, 2010, 2011-жылларда Өзбекстан чемпионаты жеңимпазы болды.

  Махаматдинова Лола «Келешек ҳаўазы», «Иқтидорли талабалар» ҳәм «Ниҳол» сыйлықларының жеңимпазы, Қутлымуратов Анвар, Маткаримова Сәрбиназ, Төрешова Сарбиназ, Ахмедова Зулхумор, Реймбаева Зухра, Қурбанбаева Насибалар Бердақ атындағы мǝмлекетлик стипендия ҳәм «Иқтидорли талабалар» таңлаўы жеңимпазлары деп табылған.

 Сондай-ак, 2021 жылы Россия Федерациясынын Пенза қаласында болып өткен «Жыл студенти 2021» XVII халық аралық илимий-изертлеўлер таӊлаўында 1-курс магистранты Бекниязова Гулчехра ҳәм Сарсенбаев Даўлетбай таӊлаў жеӊимпазы деп табылды.

Ҳәр қандай мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўы белгили дәрежеде оның интеллектуаллық потенциалы менен белгиленеди.

Ал, илимий потенциалы күшли мǝмлекетти пүткил дүнья тǝн алады. Бул бағдар бойынша университетимиздиң профессор-оқытыўшылары илим пидайыларын жетилистириўинде өзлериниң күш жигерин аямайды.

 

шифр

Қәнигеликлер

1

5А111601

Социал-гуманитар пәнлерди оқытыў методикасы (руўхыйлық тийкарлары)

2

5А112001

Дене тәрбиясы ҳәм спорт шынығыўлары теориясы ҳәм услубы

 

5А120101

 Әдебияттаныў

3

5А120101

Әдебияттаныў: (өзбек әдебияты)

4

5А120101

Әдебияттаныў: (қарақалпақ әдебияты)

5

5А120101

Әдебияттаныў: (рус әдебияты)

6

5А120101

Әдебияттаныў: (қазақ әдебияты)

7

5А120101

Әдебияттаныў: (туркмен әдебияты)

 

5А120102

Лингвистика:

8

5А120102

Лингвистика: ўзбек тили

9

5А120102

Лингвистика: қарақалпақ тили

10

5А120102

Лингвистика: рус тили

11

5А120102

Лингвистика: инглиз тили

12

5А120102

Лингвистика: туркмен тили

13

5А120102

Лингвистика: қазақ тили

14

5А120102

Лингвистика: немис тили

15

5А120201

Салыстырмалы тил билими, лингвистикалық аўдарматаныў (тиллер бойынша)

16

5А120302

Тарийх (жөнелислер ҳәм искерлик түри бойынша)

17

5А120401

Археология

18

5А120501

Фалсафа (қоллаў тараўы)

19

5А121401

Этнография, этнология ҳәм антропология

20

5А130101

Математика (жөнелислер бойынша)

21

5А130201

Әмелий математика (тараўлар бойынша)

22

5А140101

Биология (пән  жөнелиси бойынша)

23

5А140201

Физика (жөнелислер бойынша)

24

5А140501

Химия (пән  жөнелиси бойынша)

25

5А140602

География (уйрениў обйекти бойынша)

26

5А140702

Гидрометеорология (искерлик тури бойынша)

27

5А141001

Топырақтаныў (изертлеў түри бойынша)

28

5А220101

Журналистика (хизмет түрлери бойынша)

29

5А220103

Телевидение ҳәм радио еситтириў

30

5А230102

Экономика (тармақлар ҳәм тараўлар бойынша)

31

5А230108

Монополияға қарсы  басқарыў ҳәм бәсекини раўажландырыў

32

5А230601

Мәмлекет финансы  ҳәм халықаралық финанс

33

5А230901

Бухгалтерия есабы(тармақлар ҳәм тараўлар бойынша)

34

5А240108

Мәмлекет басқарыў ҳуқықы

35

5А240116

Жинаят нызамшылығын қоллаў теориясы ҳәм әмелияты

36

5А240118

Ҳуқық ҳәм бизнес

37

5А310203

Электр станциялары

38

5А311901

Нефть ҳәм газ кәнлерин иске түсириў ҳәм олардан пайдаланыў

39

5А313401

Геодезия ҳәм геоинформатика

40

5А320401

Химиялық технология (ислеп шығарыў түрлери бойынша)

41

5А321302

Нефть ҳәм газди қайта ислеў ҳәм химиялық технологияси

42

5А340302

Қала  транспорт хожалығы ҳәм байланыс жоллары

43

5А340401

Инженер коммуникация системалары, қурылысы ҳәм монтажы (түрлери бойынша)

44

5А340502

Дийўал ҳәм паздозлаўшы материаллар технологиясы

45

5А411101

Дәрилик өсимликлерди жетилистириў технологиясы

46

5А630102

Экология (тармақлар ҳәм тараўлар бойынша)

 

Пайдалы дереклер