Оқыў-методикалық басқармасы

 

Оқыў-методикалық басқармасы баслығы:

Даўменов Бердақ Аймуратович

861-2235930
Berdus@mail.ru

Елимизде Ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен баслап-ақ, Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылмақта. Бул итибар нәтийжесинде бүгинги күнге келип студент-жасларымыздың дүнья жүзилик стандартларына толық жуўап беретуғын билим алыўы, Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбияланыўы; профессор-оқытыўшыларымыздың сапалы билим бериўи, өзиниң маманлығын үзликсиз жетилистирип барыўы ушын барлық имканиятлар жаратылды. Бул «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызамның, «Кадрларды таярлаўдың миллий бағдарламасы»ның сапалы орынланыўының айқын көриниси болып табылады. Соның менен бирге Президентимиздиң билимлендириў системасының раўажланыўы ушын жүдә әҳмийетли болған кейинги жыллар ишиндеги «Жоқары оқыў орынларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм жоқары қәнигели кадрлар  таярлаў сапасын түп-тийкарынан жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы 1533-санлы, «Шет тилерин үйрениў системасын еле де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 1875-санлы қарарлары, «Жоқары маманлықтағы илимий ҳәм илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў ҳәм аттестациядан өткериў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы 4456-санлы пәрманы, Министрлер Кабинетиниң «Республика жоқары оқыў орынлары рейтингин баҳалаў системасын енгизиў ҳаққында»ғы 371-санлы қарары билимлендириў системасы бағдарында ислеўши ҳәр бир қәнигеге үлкен жуўапкершилик ҳәм ўазыйпа жүклейди. Елимиздиң билимлендириў системасында өз орнына ийе Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти де бул жуўапкершилик ҳәм ўазыйпаларды терең аңлайды.

Ҳәзирги ўақытта университетимизде 9 факультет, магистратура бөлими ҳәм 41 кафедра бар болып, 47 бакалавр тәлим бағдары ҳәм 20 магистратура қәнигеликлери бойынша студент-жасларға 625 профессор-оқытыўшыларымыз билим бермекте. Оқытыўшыларымыз қурамында елимизге белгили 3 академик, 40 илим докторы ҳәм профессорлар, 242 илим кандитаты ҳәм доцентлер бар. Кейинги жыллар ишинде университетимизде жаңадан жети бакалавр тәлим бағдары ҳәм үш магистратура қәнигеликлери ашылып, нефть ҳәм газды қайта ислеў, химиялық, жеңил санаат өнимлерин қайта ислеў технологиялары; қурылыс, ихтиология, электроэнергетика бағдарларына қәнигелер жетилистирип бериў көлеми ҳәм сапасы айтарлықтай өсти.

Өткен оқыў жылында университетти 37 бакалавр тәлим бағдары бойынша 1610 студент, ал магистратура бөлимин 19 қәнигелик бойынша 115 магистрант питкерип шықты. Студентлеримиз ишинен кейинги жыллары еки Президент стипендиясы, еки Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлығы, «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығы, Улығбек, Наўайы ҳәм Бердақ атындағы стипендиялар жеңимпазлары болды.

Университеттиң 9 поток аудиторияларына видеопроекторлар қойылған болып, профессор-оқытыўшыларымыз лекция сабақларында заманагөй информациялық ҳәм педагогикалық технологияларды пайдаланып сабақ өтиў мүмкиншилиги жаратылған. Сондай-ақ 7 поток аудиторияға видеобақлаў камералары орнатылған

Ҳәзирги күнде университеттиң оқыў-методикалық басқармасында 1 басқарма баслығы, 5 методист ҳәм 3 диспетчер жумыс алып бармақта.

Оқыў-методикалық басқармасы оқыў ислери бойынша проректор басшылығында деканат ҳәм кафедралар менен биргеликте төмендеги жумысларды алып барады:

  • Оқыў процессине тийисли жоқары шөлкемлердиң қарар ҳәм көрсетпелери, министрликтиң қарар, буйрық, көрсетпелериниң орынланыўын  тәмийинлеў;
  • Мәмлекетлик стандарт талабына  сәйкес ҳәм университет мүмкиншиликлери, өндирис талабын  есапқа алынып ислеп шығылған бакалавр бағдары ҳәм магистр қәнигеликлери ушын оқыў режелерин тастыйықлаўға таярлаў;
  • Бакалавр бағдары ҳәм магистр қәнигеликлери ушын олардың оқыў режелерине сәйкес пәнлерди оқытыўдың ис бағдарламаларын таярлатып тастыйықлаўға таярлаў;
  • Улыўма университетлик оқыў жүклемеси ҳәм студентлер контингентин есапқа алған ҳалда кафедралар штат бирлигин анықлаў ҳәм норматив хужжетлерге сәйкес профессор-оқытыўшылар қурамын жумысқа алыўды усыныс етиў;
  • Мәмлекетлик аттестация комиссиялары баслықларын министирликте тастыйқлатыўға кандидатуралар усыныў;
  • Мәмлекетлик аттестация комиссиялары қурамын дүзиўге усыныс таярлаў ҳәм олардың жумысын қадағалап барыў;
  • Мәмлекетлик стандартқа сәйкес оқыў режелердеги блоклар бойынша студентлердиң сабақлықлар, оқыў қолланбалары ҳ.т.б. әдебиятлар менен тәмийинленгенлигин үйренип барыў;
  • Оқыў режесиндеги пәнлерден толық оқыў методикалық комплекслери  менен тәминленгенликке, олардың жаңалап ҳәм жетилистирип барыўға;
  • Студентлер билимин қадағалаўдың рейтинг системасы бойынша жүргизилиўин, оның ишинде жазба жумыс түрин енгизиўди жетилистириў ҳәм олардың тәртипке сәйкес жүргизилиўин  қадағалап ҳәм додалап барыў;
  • Профессор-оқытыўшылардың қәнигелигин ҳәм  илимий дәрежелилигин жоқарылатып барыўдың жыллық ҳәм календарлық режелерин ислеп шығыў;
  • Илимий кеңеске таза кафедралар, факультетлер, қәнигеликлер ашыў бойынша материаллар таярлаў;
  • Лаборантлар ушын кадрлар бөлими менен биргеликте оқыў ислери бойынша проректор басшылығында аттестация өткериў;
  • Деканатлар ҳәм кафедралардың жаңа оқыў жылына таярлығын қадағалаў ҳәм сондай-ақ буннан басқада жумысларды алып барады.

 

Айрықша атап өтиўимиз керек, бүгинги күнде ҳүкиметимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған реформалардың мақсети жаслардың терең билим алыўы, кәсип-өнер сырларын терең өзлестириў ушын жетерли мүмкиншилик жаратыўды тәмийинлеўге қаратылған. Солай екен, жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлардан үнемли пайдаланған ҳалда өз билимин арттырыў ҳәм алған билимлерин Ўатанымыздың раўажланыўы жолында пайдаланыўымыз лазым.

 

Пайдалы дереклер