Илимий-изертлеў бағытлары | Karakalpak state university

Илимий-изертлеў бағытлары

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде илим-изертлеў жумыслары университет кенесинде тастыйықланған жоба тийкарында алып барылып, баслы бағдарлары төмендегилерден ибарат:

– мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламалар грантлары тийкарында изертлеўлер алып барыў;

  • өндирис кәрханаларының буйырпалары бойынша хожалық шәртнамасы тийкарында изертлеўлер алып барыў;
  • илимий-педагогикалық кадрларды таярлаў бойынша жумысларды әмелге асырыў,
  • халық аралық фондлар ҳәм шөлкемлер бағдарламалары шеңберинде илимий-изертлеўлерди әмелге асырыў;
  • зийрек студентлерди илим-изертлеўлерге тартыў;
  • улыўма университет бағдарламалар ҳәм кафедралар инталы илимий темалары шеңберинде илим-изертлеўлер алып барыў;
  • илимий конференциялар шөлкемлестириў ҳәм өткериў және оларда актив қатнасыў;
  • университетте жоқары тәлим, илим ҳәм өндирис ортасында илимий-инновациялық бирге ислесиўди кең жолға қойыў;
  • студентлер арасында пән олимпадалары ҳәм мәмлекетлик стипендиялардың университет басқышын шөлкемлестириў ҳ.т.б.

 

Пайдалы дереклер