slot gacor hari inislot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot gacor terbaikslot pulsahttps://mti.unpam.ac.id/assets/images/https://besadu.belitung.go.id/css/https://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://e-office.pangandarankab.go.id/demo/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/
Жас алымлар кеңеси | Karakalpak state university

Жас алымлар кеңеси

 

Жас алымлар кеңеси баслығы

Низаматдинов Кайрат Кеунимжаевич

861-2235987
k_nizamatdinov@karsu.uz

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Жас алымлар кеңеси Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2013-жыл 2-майдағы 144-санлы буйрығы менен белгиленген ўазыйпалар ҳәм олардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде университет ректорының 2013-жыл 13-майдағы 63 Д/1 §2-санлы буйрығы менен дүзилген кеңес болып, университет Илимий кеңесиниң 2013-жыл 14-майдағы 12/5.5-санлы мәжилис баянламасы менен оның Режеси, жыллық ис режеси ҳәм университеттиң барлық факультетлеринен усыныс етилген ҳәм олар арасынан таңлап алынған 23 адам (соның ишинде кеңес баслығы, хаткери ҳәм ағзалары)нан ибарат қурамы тастыйықланды.

Жас алымлар кеңеси жумысының тийкарғы мақсети – жасларды илимий изертлеў жумысына системалы тийкарда бағдарлаў, ҳәрекеттеги илимий мектеплер дәстүрлерин даўам еттириў ҳәм жаңа илимий мектеплерди қәлиплестириўге тийкар жаратыў, жас алымлардың кәсиплик ҳәм жәмийетлик-турмыслық көлемдеги илимий дөретиўшилик жумысын қоллап-қуўатлаў, илим, билимлендириў ҳәм ислеп шығарыў интеграциясын изшил раўажландырыў тийкарында илимий изертлеўлер менен турақлы шуғылланыўшы жасларды бирлестириў, олардың кәнигеликлери ҳәм социаллық тараўларға тийисли қызығыўшылықларын қоллап-қуўатлаў, сол тәризде, жоқары маманлықтағы илимий-педагогикалық кадрлар таярлаўдың турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге көмеклесиўден ибарат.

Жас алымлар кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары:

  • жас алымларды мәмлекет илим-пәни ушын актуал, миллий экономикамыздың турақлы раўажланыўына, халқымыз мәнаўияты ҳәм мәдениятының жоқарылаўына көмеклесиўши фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық бағдардағы илимий жумысларға тартыў;
  • жас алымлардың жумысы арқалы илимниң тийкарғы бағдары бойынша илимий изертлеўлерди шөлкемлестириў ҳәм алып барыўда қатнасыў ҳәм устаз-шәкирт системасын қәлиплестириў;
  • университет ҳәм басқа илим, жоқары билимлендириў мекемелери менен бирге ислесиўди тәжирийбе алмасыў мақсетинде раўажландырыў ҳәм беккемлеў, жас алымлардың дөретиўшилик белсендилигин күшейтиў, илимий әнжуман (конференциялар), семинарлар өткериўге көмеклесиў;
  • жас алымлардың илимий изертлеў жумысы нәтийжесин улыўмаластырыў хәм әмелиятқа қолланыў, оның жаңа формасын излеў, университет ҳәм басқа жоқары окыў орынлары жумысына қолланыўда барлық имканиятларды иске салған ҳалда баслама көрсетиў;
  • илимий әнжуманларда қатнасыў ушын жас алымлардың илимий сапарын режелестириў ҳәм ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў;
  • инновациялық изертлеў жумысларын өткериўге әмелий жәрдем көрсетиў;
  • жас алымлардың жумысын қоллап-қуўатлаўшы грант ажыратыўшы шөлкемлер ҳақкында мағлыўмат жыйнаў ҳам оларды көпшилик тарқатыў;

 

Жас алымлар кеңеси қурамы:

Жас алымлар кеңеси баслығы – Низаматдинов Кайрат Кеунимжаевич

Жас алымлар кеңеси хаткери – Жоллыбекова Индира Бахытовна

Пайдалы дереклер