slot gacor hari inislot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot gacor terbaikslot pulsahttps://mti.unpam.ac.id/assets/images/https://besadu.belitung.go.id/css/https://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://e-office.pangandarankab.go.id/demo/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/
Баспасөз хаткери | Karakalpak state university

Баспасөз хаткери

 

 

 

   Баспасөз хаткери:

  Абибуллаев Азамат Абибуллаевич

+99861 223-59-45
 
 

 

           Баспасөз хаткери өз искерлигинде Өзбекстан Республикасы Конституциясына, «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашықлығы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына ҳәм Өзбекстан Республикасының басқа нызамларына, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис палаталары қарарларына, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлерине, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм бийликлерине, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң буйрықларына әмел етеди. Баспасөз хаткери өз жумысын университеттиң қурамындағы бөлимлери ҳәм басқа да мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң тийисли хызметлери менен өз ара бирге ислесиўди шөлкемлестиреди.

Баспасөз хаткериниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм функциялары:

– университет басшылығы тәрепинен заманагөй талапларға муўапық белгиленетуғын мәлимлеме сиясатын шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыўда қатнасады;

– мәлимлеме тараўындағы бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң баспасөз хызмети ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң баспасөз хызметлери менен нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў;

– кең жәмийетшиликти университет жумысы, оның тараўға нормативлик-ҳуқуқый ҳүжжетлери ҳаққында қалыс, сапалы ҳәм тез хабардар етиў;

– ғалаба хабар қураллары (кейинги орынларда ҒХҚ) менен бирге ислесиў, турақлы бирге ислесетуғын журналистлер орталығын шөлкемлестириў, мәлимлеме хабарлар тарқатыў, университетте ғалабалық илажларды шөлкемлестириў;

– университеттиң рәсмий веб-сайтында хабарды оператив түрде жайластырыў ҳәм өз ўақтында жаңалап барыў, Интернет тармағындағы веб-ресурсларды, және, социаллық ҳәм мобиль тармақларды раўажландырыў;

– университет қурамындағы бөлимлердеги белгиленген хызметкерлер менен биргеликте миллий ҳәм сырт ел ҒХҚда тарқатыў ушын хабар, мәлимлеме мағлыўматлар, түсиниклер ҳәм хабар-аналитикалық материаллар таярлаў;

– университет турмысына байланыслы жәмийетшилик пикириниң жағдайы ҳәм ҒХҚ позициясынан ализлеў ҳәм олар ҳаққында университет ректорына мағлыўмат бериў;

– университеттиң искерлигине байланыслы жазба, фото, аудио ҳәм видеоматериаллар мағлыўматлар банкин шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў.

Пайдалы дереклер