Оқыў процеси | Karakalpak state university

Оқыў процеси

ҚМУде оқыў жылы усы жылдың сентябрь айынан басланып келеси жылдың июнь айына шекем даўам етеди (02. 09 -30. 06 ). Оқыў процеси даўам етиў ўақты қайсы басқышта тәлим алыўына қарап ҳәр қыйлы болады. Бакалавр басқышы – 4 жыл, Магистратура басқышы – 2 жыл, Докторантура басқышы – 3 ямаса 4 жыл даўам етеди (бул басқышта тәлим бағдарынан келип шығып оқыў процеси даўам етиў ўақты белгиленеди).

Қосымша мағлыўматлар ушын университеттиң Халықаралық бирге ислесиў бөлимине мүрәжәт етиўиңизди соранамыз. (e-mail: qabul_kdu2020@mail.ru; тел.: +99861 2236655).

ҚМУде оқыў шет ел пухаралары ушын орыс ҳәм өзбек тиллеринде әмелге асырылады, сол себепли талабанлардан орыс тилинен жоқары билим дәрежеси талап етиледи.

 

Пайдалы дереклер