slot gacor hari inislot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot gacor terbaikslot pulsahttps://mti.unpam.ac.id/assets/images/https://besadu.belitung.go.id/css/https://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://e-office.pangandarankab.go.id/demo/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/
Маркетинг | Karakalpak state university

Маркетинг

Буйыртпалар портфелин қәлиплестириў, питкериўшилерди жумыс орынларына бөлистириў ҳәм бәнтлик мониторинги

  1. Бөлим баслығы: С.Габбаров
  2. Жас қәнигелер менен ислесиў бойынша инженер: Қ.Нажимов
  3. Экономист: А.Каримов
  4. Инспектор: П.Шыхова
  5. Инспектор: А.Сапарниязова

 

Бөлимниң тийкарғы ўазыйпаларынан бири, университетке студентлерди қабыллаў көрсеткишлерин анықлаўда жумыс бериўшилер (кәрхана ҳәм мәкемелер)диң барлық тәлим бағдарлары ямаса қәнигеликлерге болған талапларын (буйыртпалар) итибирға алған ҳалда «буйыртпалар портфели»н қәлиплестириў. Университет питкериўшилерин жумыс орынларына бөлистириўши комиссия қурамын дүзиў, бөлистириў комиссиясы тәрепинен жумыс бериўши мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң кадрларға болған реал талапларына муўапық питкериўшилерди жумысқа бөлистириў жобасын ислеп шығыў ҳәм жуўмақлаўшы бөлистириўди өткериў, олардың нәтийжеси бойынша питкериўшилердиң жеке бөлистириў дизимин қәлиплестириў ҳәм улыўмаластырыў. Жаңа оқыў жылына қабыллаў бойынша режениң орынланыўы (мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында қабылллаў режеси, келип түскен арзалар, конкурс, қабыл етилген студентлер саны, олардың курслары, тәлим бағдарлары (қәнигеликлер) бойынша бөлистирилиўи, оқытыў тиллери ҳәм т.б.) ҳаққында мағлыўматлар банкин жаратыў. Бакалавриат бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша студентлердиң кәсиплик шеберлигин арттырыў ҳәм питкериўшилерди жумысқа бөлистириўде университеттиң тийисли бөлимлери (илимий, методикалық кенеслер, оқыў-методикалық бөлимлер, факультетлер, кафедралар ҳ т.б.) менен ислесиў, олар тәрепинен әмелге асырылған илажлар сапасын анализлеў ҳәм баҳалаўда қатнасыў.

Төлемли-шәртнама тийкарында оқыйтығын студентлер менен шәртнамаларды рәсмийлестириў ҳәм есапқа алыў топарының ўазыйпалары:

  • кәрхана, мәкеме, шөлкемлер, физикалық тәреплер менен қәнигелер таярлаў бойынша шәртнамаларды рәсмийлестириў;
  • төлемли-шәртнама тийкарында оқып атырған студентлер менен оқыў бойынша қәрежетлер парқын, есап-китабын алып барыў (тийисли норматив ҳүжжетлер тийкарында);
  • төлемли-шәртнама тийкарында оқып атырған студентлерге оқыў бойынша қәрежетлерди өз ўақтында төлетиў жумысларын алып барыў (деканлар менен биргеликте);
  • төлемли-шәртнама тийкарында оқып атырған студентлердиң саны бойынша мағлыўмат таярлаў (реже тийкарында, кадрлар бөлими менен биргеликте).
  • Жас қәнигелер менен ислесиў бойынша инженердиң ўазыйпасы:
  • Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2005-2006-оқыў жылында Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынларына қабыл етиў бойынша
    2005-жыл 2-июндағы ПҚ-92 санлы қарарына муўапық барлық бакалавр тәлим бағдары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша мәмлекетлик грант тийкарында билим алған ЖОО питкериўшилерин ең кеминде үш жыл жумыс ислеп бериў шәрти менен оқыў орынына, қәрхана ҳәм шөлкемлерге жумысқа бөлистириў бойынша ўазыйпаларды өз ўақтында орынлаў ҳәм қадағалаў;
  • университетте таярланып атырған жоқары қәнигели кадрларға кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң талабын факультетлер, кафедралар ҳәм ректорат пенен үйренип шыққан ҳалда мағлыўматлар базасын қәлиплестириў;
  • мийнет базары конюктурасын үйрениў, қабыл етиў көрсеткишлерин усыныў, пайдаланыўшылардың питкериўшилерге болған реал буйыртпасы тийкарында қәлиплестириў, студентлер контингенти, питкериўшилердиң жумысқа орналасыўы ҳаққындағы мағлыўматлар базасын қәлиплестириў ҳәм өз ўақтында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлигине усыныў, мәмлекетлик грант тийкарында қабыл етилген бакалавр ҳәм магистрлар менен оқыўды питкергеннен кейин билимлендириў мәкемелеринде яки кәрханаларда кеминде үш жыл ислеп бериў ҳаққында шәртнама дүзиў (бир ай мүддет ишинде) питкериўшилердиң қәлеўин инабатқа алған ҳалда. Мәмлекетлик грант тийкарында питкерген жас қәнигелерди республикамыздың экономикалық тармақларында нәтийжели пайдаланыў ушын оларды өз ўақтында жумыс пенен тәмийинлеўге көмеклесиў;
  • питкериўшилерге жумыс орыны ҳаққында мағлыўмат бериў, мийнет ярмаркаларын өткериўди шөлкемлестириў (администрация жәрдеминде);
  • өткен оқыў жылы питкериўшилериниң жумысқа жайласқанлығы ҳаққындағы мағлыўматларын таярлаў.

 

2018-2019-оқыў жылында жәми 42 бакалавр тәлим бағдары бойынша жәми 2104 студент питкерип шығады, соннан 2017 (651 грант, 1 366 төлемли-контракт тийкарында)  ҳәм де 22 қәнигелик бойынша 87 магистрант (30 грант, 57 төлемли-контракт тийкарынад) питкерип шығыўы күтилмекте..

 

2017-2018-оқыў жылында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин питкерген жас қәнигелердиң жумыс пенен бәнтлиги ҳаққында эконмика салалары ҳәм тармақлары ҳаққында статистикалық мағлыўмат.

 

2018-2019-оқыў жылында ўқув йилида Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң бакалвр тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлер бойынша жыллық төлемли-контракт суммалары.

 

2018-2019-оқыў жылында ўқув йилида Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин питкериўши жас қәнийгелер ҳаққында мағлыўмат.

 

Пайдалы дереклер