Университеттиң кәсиплик аўқамы комитети | Karakalpak state university

Университеттиң кәсиплик аўқамы комитети

Аллияров Ашраф Даулетярович

Педагогика панлери бойынша филасофия доктори (PhD)

 8361-223-60-22
obr-qmu@kasaba.uz

Кәсиплик аўқамы комитети өз кәсиплик аўқамы ағзаларын мийнет, социальлық, экономикалық ҳуқық ҳәм мәплерин қорғайды. Қарақалпақ мәмлекетлик университети кәсиплик аўқам комитети 21 мыңнан артық ағзаға ийе болып, оларды профессор-оқытыўшылар, талабалар, оқыў – жәрдемши техтик хызметкерлер ҳәм жумысшы хызметкерлер ҳәм де университетте көп жыллар даўамында мийнет еткен пенсионерлер қурайды.

Кәсиплик аўқамы комитети өз хызметин Өзбекистан Республикасы Конституциясы, Өзбекистан Республикасы Мийнет кодекси, «Кәсиплик аўқам шөлкемлери, олардың ҳуқықлары ҳәм хызметиниң кепилликлери ҳаққында» ғы, «Мийнетти қорғаў ҳаққында» ғы, «Өзбекистан Республикасында жәмийетлик шөлкемлер ҳаққында» ғы, «Мәмлекетлик емес  шөлкемлер ҳаққында» ғы ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер хызметин тәртипке салыўшы басқа Нызамлар, Өзбекистан кәсиплик аўқамы Федерациясы ҳәм тармақ кәсиплик аўқамлары Уставлары ҳәм де усы Нызамға муўапық жумыс алып барады.

Кәсиплик аўқамы комитети өз кәсиплик аўқамы ағзалары ушын:

  • миллети, жынысы, жасы ҳәм диний исенимине қарамастан, Кәсиплик аўқамы ағзасының мийнет етиўи, жумысты, кәсипти еркин таңлаў, әдалатлы мийнет шараятын жаратып бериў ҳәм жумыссызлықтан қорғаўға тийисли конституциялық ҳуқықларына әмел етилиўине;
  • инсанның мәнәўий ҳәм физикалық күш-қуўатларының тиклениў қуралы болған бос жумыс ўақтын көбейтиў ҳәм оннан ақылға сай пайдаланыўға;
  • мийнет ҳуқықы, мийнетти ҳәм қоршаған орталықты қорғаў нызамлары, қағыйдалар ҳәм өлшемлерге әмел етилиўине;
  • социаллық бирге ислесиўди беккемлеў мақсетлеринде жәмәәтлик шәртнамалар ҳәм келисимлер дүзилисине, олардың орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыўға;
  • мәмлекетлик органлары ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте ислеў, Кәсиплик аўқам ағзаларының мийнет, социаллық-экономикалық ҳәм мәнәўий ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўға қаратылған нызам ҳәм де басқа норматив ҳүжжетлер қабыл етилиўине, турақлы аўызбиршилик ҳәм пуқаралар татыўлығын сақлап қалыўға;
  • мийнетке ҳақы төлеўдиң жәмийетлик әдалатлы системасын енгизиўге;

Кәсиплик аўқамы ағзаларының ҳуқықлары ҳәм ўазыйпалары:

  • кәсиплик аўқамына ағза болыў өз қәлеўи менен әмелге асырылады. Кәсиплик аўқамы Уставын тән алыўшы ҳәм оның талапларын орынлаўшы ҳәм де ағзалық төлемлерин төлеп барыўшы хызметкер ҳәм талаба кәсиплик аўқамы ағзасы бола алады;
  • мийнет қатнасықларына тийисли мәселелер бойынша, мүлк формаларына қарамастан мәмлекет, суд ҳәм хожалық органларында кәсиплик аўқамының ҳуқықый жәрдемин алыў ҳәм оның қорғаўын болыўы;
  • кәсиплик аўқамлары органларына сайлаў ҳәм сайланыў;
  • кәсиплик аўқамларының илажларында қатнасыў, өз пикирин баян етиў, өз хызметин ҳәм минез-қулқына тийисли мәселе көрип шығылып атырған мәжилислер, жыйналыслар ҳәм конференцияларда қатнасыў;
  • жоқары Кәсиплик аўқамы шөлкемлерине мүрәжәәт етиў;
  • кәсиплик аўқамы санаториялар, санатория-профилакториялар, дем алыў базалары, балалар саламатластырыў лагерлеринде емлениў ҳәм дем алыў ушын жеңиллестирилген тәрифлер бойынша жолламалар алыў.

Кәсиплик аўқамы комитети университет администрациясы менен келисилген ҳалда төменде келтирилген қарарларды қарап шығадыталқылайды ҳәм қабыл етиўге разылық береди:

  • Мийнет шараятын, мийнет қәўипсизлиги ҳәм қорғалыўын жақсылаў;
  • Униветситет хызметкерлериниң жумыс пенен бәнт болыўы ҳәм де олар ушын социальлық жеңилликлердиң кепилликлениўи;
  • Жумысшы хызметкерлер талапларын қоллап-қуўатлаў ҳәм марапатлаў;
  • Университет ўәкилликлери шеңберинде социал-экономикалық характердеги машқалалар бойынша биргеликте келисилген қарарлар қабыл етиў;
  • Профессор-оқытыўшы ҳәм жумысшы хызметкерлерге республикамыздағы саниторияларда дем алыў ушын берилетуғын жеңиллестирилген жолламалар ажыратыў.

Кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар:

Кәсиплик аўқамы комитети жумыс хызмети дәўиринде университеттиң кем тәмийинленген жумысшы хызметкерлери ҳәм де талабалары үйренилип барылып, оларға университети администрациясы менен келисилген ҳалда, материаллық хошаметлеў әмелге асырылып келинеди.

Университете көп жыллар ислеп напақаға шыққан нуранийлер кәсиплик аўқамы шөлкеми итибарында турады. Ҳәр жылы олардың жағдайынан хабар алынып, фининслық имканияттан келип шығып жәрдем көрсетиледи.

Университетте кәсиплик аўқамы комитети жумысшы хызметкерлерди социаллық қорғаў мақсетинде төмендеги жумысларды қадағалапбарады:

  • Жумысшы хызметкерлердиң социаллық қорғалыўы;
  • Мийнет тәртиби;
  • Мийнет қорғалыўы ҳәм мийнет шараятларын жаратыў;
  • Жумысшы хызметкерлердиң ис ҳақы ҳәм ис ҳақынан услап қалынатуғын дәрамат салығы қадағаланыўы;
  • Ис ҳақы ҳәм авансларды өз ўақтында берип барыўы;
  • Қысқы, гүзги мәўсимге таярлық көриў;
  • Талабаларды тийкарсыз университеттен шетлеттириў;
  • Жәмәәтлик шәртнаманың шереклер бойынша орынланыўы;
  • Жумысшы хызметкерлерди медициналық көриктен өткериў;
  • Руўхый ҳәм ағартыўшылық жумысларын тереңлестириў.

Кәсиплик аўқамы комитети жумысшы хызметкерлердиң мийнет тәртибине әмел етиў мақсетинде оларға комитет белсендилери менен биргеликте түсиндириў жумыслары алып барылады ҳәм пайда болған сораўларға  өз орнында жуўап бериледи.

Жумысшы хызметкерлердиң айлықлары ҳәм авансларын өз ўақтында берилиўи қадағаланады.

Кәсиплик аўқамы комитети жумысшы хызметкерлердиң мийнет дем алысын өткериў ўақтында ден саўлығын тиклеў ушын санатория ҳәм дем алыў орынларына жеңиллестирилген жолламалар ажыратады.

Кәсиплик аўқамы комитети университеттеги бар болған аўқатланыў орынларын барлық ўақыт қадағалап барады, яғный асханалардың санитариялық жағдайы, аўқатлардың сапасы бойынша ҳәм аўқатлардың баҳалаларын қадағалап барады.

Кәсиплик аўқамы комитети ҳәзирги күнде Өзбекистан Республикасы тәрепинен руўхый-ағартыўшылық жумысларға үлкен итабар берилип атырғанлығын есапқа алып, Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған сиясатты қоллап-қуўатлаў, ата-бабаларымыз тәрепинен сақлап келинген тарийхымыз ҳәм архитектуралық естеликлеримизди қәстерлеп абайлаўымыз бойынша руўхыйлық  ҳәм ағартыўшылық бөлимлери менен биргеликте түсиндириў жумыслары әмелге асырылмақта. Соның менен бирге университеттеги ҳәм талабалар турар жайындағы руўхыйлық-ағартыўшылық ханасын стендлер, керекли үскене ҳәм әдебиятлар менен тәмийинлеўде биргеликте жумыслар алып барылмақта.

Кәсиплик аўқамы комитети тәрепиенен республикамызда белгиленген барлық байрамларда байрам илажлар режеси ислеп шығылып, оларды шөлкемлесип барады. Юбилей 50, 55 ҳәм 60 жасқа толған жумысшы хызметкерлер жәмийет алдында сыйлықланып барылады.

Ҳәр жылы 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў» күнине бағышлап университет жумысшы хызметкерлерден университетте көп жыллар даўамында ислеп кеткен екинши жер жүзлик урыс қатнасыўшыларынына, фронт артында мийнет қылған ҳәм оларға теңлестирилген хызметкерлер материаллық хошаметленеди.

Жумысшы хызметкерлер, талабалар спорттың барлық түрлери менен шуғылланып бармақта ҳәм жарысларда өзлериниң командалары менен қатнасып, жеңипазларға  қымбат баҳалы саўғалар берилип барылмақта.

Пайдалы дереклер