БИРГЕ ИСЛЕСИЎДИҢ ЖАҢА БАСҚЫШЫ | | Karakalpak state university

БИРГЕ ИСЛЕСИЎДИҢ ЖАҢА БАСҚЫШЫ

Усы жылдың 18-20-февраль күнлери Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Москва миллий илимий-изертлеў ядро университети «МИФИ»  делегациясы мийманда болды.

Мийманлар Илимий-ислер ҳәм инновациялар бойынша проректор И.Турдымамбетов, Халықаралық бирге ислесиў бөлими баслығы Ш.Шаниязов, «Электр-энергетикасы» кафедрасы баслығы К.Реймовлар тәрепинен жыллы жүзлилик пенен күтип алынды.

Университет мәжилислер залында болып өткен ушырасыўда «МИФИ» Москва миллий илимий-изертлеў ядро университетиниң Фотоника, спинтроника ҳәм электроникада нанотехнология Институты оқыў ислери бойынша қәнигеси Никита  Глухов ҳәм техника илимлериниң кандидаты, доцент Александр Бакаренков еки университет ортасындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мақсетинде қоспа тәлим бағдарламасын ашыў, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлерди академиялық алмасыў мәселесин ортаға таслады. Өз нәўбетинде,  И.Турдымамбетов еки университет ортасындағы қарым-қатнасты беккемлеў еки тәреп ушын да әҳмийетли екенлигин айтып өтти.

Ушырасыў даўамында еки университет ўәкиллери еки тәреплеме қоспа тәлим бағдарламасын шөлкемлестириў бойынша өз-ара пикирлести ҳәм тийисли ҳүжжетлерди таярлаў мақсетинде исши топар дүзилди.

Еки күнлик хызмет сапары даўамында МИФИ» Москва миллий илимий-изертлеў ядро университетиниң Фотоника, спинтроника ҳәм электроникада нанотехнология Институты доценти Александр Бакаренков университет студентлерине «Ярымөткизгишли электрониканың тийкарлары» пәнинен бес модулли сабақ өтти.

Соның менен бирге, пайтахтымыздағы 37-санлы улыўма билим бериў мектебинде ҳәм «Прогресс» билимлендириў орайында болып, оқыўшы-жаслар менен ушырасты. Оларға Москва миллий илимий-изертлеў ядро университети «МИФИ» ҳаққында мағлыўмат берип, еки университет биргеликте шөлкемлестиретуғын қоспа тәлим бағдарламасында оқыўға мирәт етти.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер