https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Экономика факультетинде студент-қызлар ушын илаж шөлкемлестирилди | | Karakalpak state university

Экономика факультетинде студент-қызлар ушын илаж шөлкемлестирилди

Жақында университетимиздиң экономика факультетинде факультеттиң студент-қызлары менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Оған Қаракалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң хызметкери Т.Қарлыбаева, «Ана ҳәм бала» скрининг орайының шыпакери Г.Торанбетовалар ҳәм факультеттиң профессор-оқытыўшылары, студент-қызлар қатнасты.

Ушрасыўды факультеттиң Ҳаял-қызлар шөлкеминиң баслығы, Phd Айзада Таспанова алып барды. Сондай-ақ, ушрасыўда университетимиздиң Ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеминиң баслығы  И.Сейтназарова қатнасып, студент-қызларға әдеп-икрамлылық,  кийиниў мәденияты ҳаққында түсиниклер берди.

Және де, илажда Т.Қарлыбаева «Ҳаял-қызлар ортасындағы жынаятшылыққа қарсы гуресиў»,  Г.Торанбетова «Ерте турмыс қурыў ҳәм оның ақыбетлери, ағайинлер ортасындағы некениң ақыбетлери» темасында шығып сөйлеп, саўбетлесиў өткерди.

Илаж өз-ара пикир алмасыўлар менен даўам етти…

Р.Раманова,

Экономика факультети 2-курс студенти.

Пайдалы дереклер