https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Сырт елли студент-қызлар менен ушырасыў шөлкемлестирилди | | Karakalpak state university

Сырт елли студент-қызлар менен ушырасыў шөлкемлестирилди

Өткен күни сырт елден келип университетте билим алып атырған студент-қызлардың тәлим-тәрбиясы бойынша университетимиздиң ҳаял-қызлар шөлкеми, университет психологи ҳәм де халықаралық байланыслар бөлими менен биргеликте сәўбетлесиў кешеси өткерилди. 

Сәўбетлесиў барысында сырт елден келип оқып атырған студент-қызларға көрсетилип атырған ғамхорлық, сондай-ақ, университет тәрепинен жаратылған имканиятлар ҳаққында сөз етилди.

Университет Ҳаял-қызлар шөлкеми  тәрепинен шөлкем жанында  қызларымыздың оқыўдан бос ўақытлары ҳәр қыйлы дөгереклерге, клубларға ағзалыққа қамрап алыў мәселелери сөз етилди.

Ушырасыў барысында студент-қызлардың телефоннан пайдаланыў мәденияты, университет ишки-тәртип кағыйдалары, сөйлесиў ҳәм кийиниў мәденияты, өз ара қарым-қатнас мәденияты ҳаққында кеңнен сөз етилди.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер