Сырт елде тәжирийбе арттырыў ҳәм билим алыў
Университет профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслары ҳәр қыйлы халықаралық шөлкемлер тәрепинен шөлкемлестирилген проектлерде қатнасып, шет ел университетлеринде тәжирийбелерин асырыў, халықаралық әнжуманларда ҳәм оқыў курсларында қатнасыў киби бир қатар имканиятларға ийе. 2018-2019 оқыў жылында университетимизден жәми 40 тан аслам профессор-оқытыўшылар шет еллерде өткерилген оқыў курслары, семинар-тренинглер, халықаралық илимий-практикалық конференциялар, тәжирийбе алмасыў курсларына қатнасы. Сондай-ақ, 2 илимий қәнигемиз Европа Аўқамының жойбарлары тийкарында Германия, Португалия, Италия, Эстония мәмлекетлеринде илимий-әмелий стажировка өтеп қайтқан болса, ҳәзирги ўақытта 3 питкериўшимиз Россия, Ҳиндистан, Қытай мәмлекетлеринде магистратура ҳәм докторантурада оқып атыр.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-2909 ҳәм ПҚ-3775-санлы Қарарларында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў ҳәмде университетимизде билимлендириў системасын еледе раўажландырыў, усы бағдарда шет ел тәжирийбесин енгизиў мақсетинде сырт еллердиң жетекши университетлери ҳәм илмий орайлары, ҳәр қыйлы халықаралық шөлкемлеринен профессор-оқытыўшылар ҳәм илмий хызметкерлер университетимиз студент-жасларына сабақ өтиў, профессор-оқытыўшыларымыз бенен биргеликте илимий-изертлеў жумысларын алып барыў ушын университетимизге жийи-жийи мирәт етиледи. Мысалы ушын, 2018-2019 оқыў жылында Япония, Қазақстан, Түркменстан, Германия, Австрия, Әзербайжан, Испания, Россия мәмлекетлеринен 49 шет елли мийманлар келген болса, солардан 26сы ҳәр қыйлы пәнлер бойынша студентлерге сабақ өтиў мақсетинде мирәт етилди.