https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Конференцияның көшпели кубоги Қарақалпақстанда | | Karakalpak state university

Конференцияның көшпели кубоги Қарақалпақстанда

Усы жылдың 31-май – 2-июнь күнлери аралығында Ташкент қаласында 18 жастан 30 жасқа шекемги студент-жаслар арасында халықаралық «Онлар аўқамы» конференциясы болып өтти. Бул конференцияның шөлкемлестириўи 9 xалықаралық шөлкем ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының басламасы болып есапланады.

Конференция жәҳән көлеминде ҳәм социал-економикалық машқалалар менен гүресиўши xалықаралық майданда тән алынған шөлкемлердиң моделин жаслар тәрепинен додалаўшы xалықаралық конференция ретинде тән алынған.

Конференцияның тийкарғы мақсети – жасларды xалықаралық нызамшылық принциплери менен кеңнен таныстырыў, олардың ҳуқықый санасын ҳәм потенциалын жоқарылатыў, мәмлекетимиз раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосыў жолындағы басламаларын xошаметлеўден ибарат.

Конференция шеңберинде төмендеги шөлкемлер моделлестириледи. Яғный,

  • Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық Палатасы
  • Бирлескен Миллетлер Шөлкеми
  • Европа Аўқамы
  • Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы
  • Шанxай Бирге ислесиў Шөлкеми
  • Экономикалық Шериклик ҳәм Раўажланыў Шөлкеми
  • Жәҳән Банки
  • Xалықаралық Мийнет Шөлкеми
  • Жәҳән Саўда Шөлкеми
  • Жәҳән Денсаўлықты сақлаў Шөлкеми

Конференцияға Қарақалпақстан Республикасынан 28 студент-жаслар, солардан 13 қатнасыўшы университетимизден қатнасты.

Конференция шөлкемлестириўшилери тәрепинен жақсы қатнасқан ҳәм өз өнерлерин көрсеткен жасларды xошаметлеў мақсетинде көшпели кубок шөлкемлестирилген еди.

Усы көшпели кубокты Қарақалпақстан Республикасы атынан қатнасып атырған студент-жаслар қолға киргизди ҳәм арнаўлы сертификатлар менен сийлықланды.

Мухаммед Қудайназаров,

Физика-математика факультетиниң студенти.

Пайдалы дереклер