Волейбол бойынша миллий сайланды командамыз Непалда болып өткен Азияның Орайлық зона чемпионатында финалға шекем барып, Қырғызстан командасына азғана үстемликти берип қойды ҳәм жарыстың сыйлықлы 2-орнын ийеледи.
Жарыстың ең жақсы либеросы етип Өзбекстан сайланды командасының ағзасы Саттор Дилмурот сыйлықланды.
Ал, жарыстың ең жақсы ҳүжимшиси етип Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистранты Собиров Исломжон сыйлықланды.
Спортшыларымызды бул жетискенликлери менен қутлықлап, алдағы жарысларында табыслар тилеп қаламыз.
Дерек:@UzbekistanVolleyballFederation