Төлемли-контракт муғдары бойынша түсиниклер берилди | | Karakalpak state university

Төлемли-контракт муғдары бойынша түсиниклер берилди

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң барлық факультетлеринде «Мәлимлеме саат»лары өткерилди.

Онда университеттиң барлық басшы ҳәм жуўаплы хызметкерлери, топар басшылары қатнасыўында студент-жасларға 2019-2020-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынлары төлемли-контракт тийкарында оқыў муғдарлары бойынша кең түсиниклер берип өтилди.

Сондай-ақ, «Мәлимлеме саат»лары даўамында студентлерге төлемлерди әмелге асырыўда жеңиллик жаратыў, халықтың кең қатламы ушын жоқары билимлендириўдиң бәршеге теңдей екенлигин түсиндириў мақсетинде жаңа оқыў жылынан баслап, төлемли контракт муғдарын еки көринисте – «стипендиялы» ҳәм «стипендиясыз» әмелге асырыў бойынша бир қатар мүмкиншилик жаратылғанлығын айтып өтти.

Жане, халыққа төлемлерди әмелге асырыўда жеңиллик жаратыў мақсетинде контракт суммаларын айма-ай бөлип төлеў имканияты берилди. Қәбилетли студентлерди хошаметлеў мақсетинде стипендия тайынлаў бойынша да бир қатар жеңилликлер киргизилгенлиги ҳаққында мағлыўматлар берди.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер