https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Ҳуқықый саўатханлық айлығы | | Karakalpak state university

Ҳуқықый саўатханлық айлығы

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студент-жаслары арасында «Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги системасында 2019-жылда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша ис-илажлар бағдарламасы»ның 13-бәнтинде белгиленген ўазыйпалар орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Ҳуқуқый саўатханлық айлығын» өткериў шөлкемлестирилди.

2019-жыл 15-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгениниң 27 жыллығы мүнәсибети менен «Конституция – өмиримиз ҳәм жәмийетимизде тутқан орны», «Сайлаў ҳәм жаслар», «Коррупциясыз тараў» атамаларында кеңнен түсиндириў мақсетинде қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетинде ушырасыў өткерилди.

Илажға ҳуқықтаныў кафедрасының доценти Қ.Сейтназаров, юриспруденция қәнигелигиниң 3-курс студенти М.Жаксылыков, юриспруденция қәнигелигиниң 2-курс студенти Ш.Жангибоевлар өз баянатлары менен қатнасты.

Илажды өткериўдеги тийкарғы мақсет – жаслардың ҳуқықый саўатқанлығын арттырыўдан ибарат.

Ю.Абдреймов,

Юридика факультетиниң жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер