Баспа жумыслары | Karakalpak state university

Баспа жумыслары

2018-жылда Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшылары тәрепинен 10 монография ҳәм брошюралар, 9 оқыўлық, 21 оқыў қолланба, 109 оқыў-методикалық қолланбалар, 13 илимий конференциялар материалары ҳәм илимий топламлар, 1550 ден аслам илимий мақала ҳәм тезислер баспадан шығарылды. Олардан, 180 и сырт ел илимий журналларында, 260 ы республика илимий журналларында, 268 и халық аралық конференциялар материаллари ҳәм топламларында, 843 и Республика ҳәм университет масштабындағы илимий конференциялар материаллары ҳәм топламларында басылып шықты.

Университет профессор-оқытыўшылары тәрепинен алып барылған илимий-изертлеўлер нәтижелери сыпатында басылып шыққан илимий ҳәм оқыў-методикалық жумысларыдың улыўма көлеми 1200 б.т. қурайды.

 

 

Пайдалы дереклер