ЯКУБОВ ИСЛАМЖАН АХМЕДЖАНОВИЧ | Karakalpak state university

ЯКУБОВ ИСЛАМЖАН АХМЕДЖАНОВИЧ

Филология илимлериниң докторы Якубов Исламжан  Ахмеджанович 1961-жылы 3-мартта Харезм ўәлаяты Ҳазарасп районында туўылған. 1968-1978-жыллары сол райондағы 17-санлы мектепте тәлим алған.

Якубов Исламжан  Ахмеджанович 1978-1983 жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик университети Филология факультетиниң өзбек филологиясы бөлиминде оқыған. Университетти питкергеннен соң, 1983-1990 жылларда Харезм ўалаяты Хазарасп районындағы 17- ҳәм 39-мектеплерде өзбек тили ҳәм әдебияты пәнлеринен сабақ берген.

Якубов Исламжан  Ахмеджанович 1991-1993 жылларда Өзбекстан Илимлер академиясы Әлийшер Наўайы атындағы Тил ҳәм әдебият институтиның күндизги аспирантурасында оқыған. 1993-жылы «Атажан Ҳашымның әдебий-сын көз-қараслары» темасында кандидатлық диссертациясын табыслы қорғап, филология илимлериниң кандидаты дәрежесин алды.

Ол 1994-2002-жылларда Үргениш мәмлекетлик университетиниң Өзбек әдебияты кафедрасында оқытыўшы, үлкен оқытыўшы, доцент лаўазымларында мийнет етти. 1998-жылы доцент илимий атағын алды.

И.А.Якубов 2002-2005 жылларда Өзбекстан Миллий университетиниң кундизги докторантурасында оқыды.

2006-2018 жылларда Өзбекстан Миллий университети, Салық академиясы, Ташкент мәмлекетлик педагогика университетлеринде доцент, кафедра баслығы лаўазымларында ислеген.

2018-жылы «Ғәрезсизлик жылларындағы өзбек романларының поэтикасы» темасында докторлық диссертациясын табыслы қорғап, филология илимлериниң доктори (DSc) илимий дәрежесине ийе болды.

Ол ҳәзирги дәўирде Нызамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогика университетиниң “Өзбек ҳәм қазақ тили” кафедрасының баслығы ўазыйпасында жемисли мийнет етип киятыр. Белгили әдебиятшы-алымның 150ден аслам илимий мийнетлери республиканың ҳам сырт еллердеги абрайлы илимий басылымларда жәрияланған. 20 жақын оқыўлық, қолланба ҳәм монографиялардың авторы.

Пайдалы дереклер