slot gacor hari inislot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot gacor terbaikslot pulsahttps://mti.unpam.ac.id/assets/images/https://besadu.belitung.go.id/css/https://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://e-office.pangandarankab.go.id/demo/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/
Үлкен юрисконсульт | Karakalpak state university

Үлкен юрисконсульт

 

 

Үлкен юрисконсульт:  Баймуратов Арысланбай Акмуратович

Қабыллаў ўақты:  Хәр күни,  саат 9:00 дан -17:00 ге шекем

Мәнзили:  Нөкис қаласы, Академик Ч.Абдиров көшеси 1- уй

Телефон:  8(361)223 57 45

Факс:  8(361)223 57 45

e-mail:  yurist2010ars@mail.ru , qmu.yurist@exat.uz

Юридикалық хызмет – Қарақалпақ мәмлекетлик университети искерлигин ҳуқықый тәмийнлеў мақсетинде нызамшылықта белгиленген норма ҳәм критерияларға муўапық мәжбүрий тәртипте шөлкемлестирилетуғын ямаса ендирилетуғын ғәрезсиз дүзилмели лаўазым.

Юридикалық  хызмет тиккелей Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректорына бойсынады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017 жыл 19 январдағы ПҚ-2733-санлы Қарары менен тастыйқланған “Мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлериниң юридикалық хызмети туўрысында”ғы Режеге муўапық төмендегилер юридикалық хызмат искерлигиниң тийкарғы бағдарлары болып есапланады:

– университеттиң ҳуқықты қоллаў искерлигинде нызам үстемлиги ҳәм нызамшылықты тәмийнлеўди шөлкемлестириў;

– университет  тәрепинен ислеп шығарылып атырған (қабыл қылынып атырған) норматив-ҳуқықый ҳәм басқа ҳүжжетлер проектиниң нызамшылыққа сәйкеслиги үстинен қадағалаўды алып барыў;

– университеттиң нызам творчествалық искерлигинде қатнасыў, нызамшылықты жетилистириў жүзесинен усынысларды таярлаў мәселелеринде  университет бөлимлери, факультетлери жумысларын биргелестириў;

– университет хызметкерлери, студентлериниң ҳуқықый мәденияты ҳәм ҳуқықый саўатханлығын асырыў, оларға қабыл қылынып атырған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң  мазмуны ҳәм әҳмийетин, соның менен бирге заманагөй хабарландырыў-коммуникация технологиялары арқалы жеткизиўде қатнасыў;

– шартнамалы-ҳуқықый ҳәм талапнама-даўа  ислерин жүргизиў, университеттиң мүлк ҳәм басқа мәплерин исенимли қорғалыўын тәмийнлеў.

 

 

Пайдалы дереклер