Әдебий кеше шөлкемлестирилди | | Karakalpak state university

Әдебий кеше шөлкемлестирилди

Университетимиздиң Қарақалпақ филологиясы факультети 1-В топар студентлери «9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў» күнине арналған әдебий кеше шөлкемлестирди.

Әдебий кешени факультет кураторлар кеңесиниң баслығы М.Қудайбергенов ашып берди.

Кеше даўамында топар студентлери А.Сипатдинова ҳәм Н.Узақбаевалар баянатларынан соӊ студентлер мийманларға К.Алламбергеновтың «Ақбасқур» шығармасынан таярлаған сахналық  көринис қойып берди.

Буннан соӊ кеше кеўилли өткерилиў мақсетинде Е.Турсынбаев қаракалпақтың аламойнақ дуўтарын шертип, кеше қатнасыўшыларына нама қосықларын атқарып берди.

Илаж даўамында «Бүгинги күнге шекемги ҳәм бүгинги күнги Ўатанымыздың көриниси» атамасындағы видеоролик кеше мийманларының нәзерине усынылды.

Әдебий кеше соӊында профессор-оқытыўшылар топар студентлерине өз миннетдаршылығын билдирип өтти.

Арзигул Баймуртова,

Қарақалпақ филологиясы факультетиниң

1-курс студенти.

Пайдалы дереклер