Китап – мәнаўий байлығымыз | | Karakalpak state university

Китап – мәнаўий байлығымыз

Жақында университетимиздиң Химия-технология факультетинде «Китап – мәнаўий байлығымыз» атамасында илаж өткерилди. Мақсет – жаслардың китап оқыўға болған қызығыўшылығын еле де арттырыў, олар арасында китапқумарлық мәдениятын арттырыў ҳәм жаңадан шығып атырған китаплар менен таныстырыў болып табылады.

Илажда университеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша проректоры А.Дуйсенбаев, Мәлимлеме ресурс орайы «Китапқумарлар клубы»ның баслығы Р.Халмурзаева, Химия-технология факультетиниң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Ғ.Султанов, факультет профессор-оқытыўшылары, кафедра баслықлары ҳәм китапқумар студентлер қатнасты.

Ушырасыўда А.Дуйсенбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиздиң 2017-жыл 12-январьдағы «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыў, китапқумарлық мәдениятын арттырыў ҳәм ең жайдырыў бойынша комиссия дүзиў ҳаққында»ғы қарары ҳәм усы қарар тийкарында орынларда бир қатар илажлар әмелге асырылып атырғанлығы ҳаққында айтып өтти. Ол китаптың инсан өмиринде тутқан орны ҳәм әҳмийети, сондай-ақ, жаслар тәрбиясына байланыслы бир қатар алым ҳәм шайырлардың дөретпелеринен мысаллар келтирип өтти.

Илаж даўамында Р.Халмурзаева университет китапханасындағы бай әдебий фондымыз, «Китапқумарлар клубы»ның бүгинги күнде алып барып атырған жумыслары ҳаққында мағлыўмат берип өтти. Китаплар көргизбеси менен таныстырды ҳәм студентлердиң қызығыўшылығына қарап, қандай жанрдағы әдебиятларды оқыў кереклигин усыныс етти. Китаплар, ондағы алға сүрилген идеяларды видеокөринислер жәрдеминде түсиндирип өтти.

Гөззал Жалғасова,

Химия-технология факультетиниң студенти.

Пайдалы дереклер