Байрам илажына белсене қатнасты | | Karakalpak state university

Байрам илажына белсене қатнасты

Балалар – бизиӊ келешегимиз, баслаған ийгиликли ислеримиздиң даўамшылары, кѳзимиздиң нуры, қәлбимиз қуўанышы есапланады. Олар менен ѳмиримиз қызық.

Усы жылдың 31-май сәнесинде Шет тиллери факультети ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми жетекшиси факультеттиӊ белсенди студентлери Ходжабаева Шахсанем, Сабиров Рахматжон, Реимбаев Отаджон, Матьякубов Шерзод, техника факультетиниң студенти Каримбаев Расуллар менен биргеликте «1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы 27-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниӊ байрам кешесине қатнасты.

Бул байрамда студентлер бақша тәрбияланыўшылары менен бир қатарда өзлериниӊ байрам концерти ҳәм сахналық көринислери менен белсене қатнасты.

Сондай-ақ, Шет тиллери факультетиниң ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми жетекшиси өзиниӊ атынан усы мәкемеге 30 китап саўға ретинде тапсырды.

 Мухаббат Аметова,

Шет тиллери факультети ҳаял-қызлар шөлкеми жетекшиси.

Пайдалы дереклер