Республикамызда 2019-2020-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына қабыллаў процесси басланыўы мүнәсибети менен абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналарына қолайлықлар жаратыў, оларды қызықтырған сораўларға жуўап бериў, енгизилген жаңалықлардың мазмуны ҳәм әҳмийетин кең жәмийетшиликке жеткерип бериў мақсетинде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинде Call-орай шөлкемлестирилди.
Пуқаралар (71) 246-16-04 телефон номери арқалы Call-орай менен байланысып, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алыўы мүмкин.
Дерек: Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы: https://t.me/joinchat/AAAAAEX5-As9g1WrZzvANA