«Биринши курс-сизлер ушын!» | | Karakalpak state university

«Биринши курс-сизлер ушын!»

«Адамлар китап оқыўды тоқтатса,

пикирлеўди де тоқтатады»

Д. Дидро

Студент-жаслардыӊ заманагөй мәлимлеме-технологияларынан пайдаланған ҳалда, турақлы ҳәм ғәрезсиз билим алыӯына көмеклесиӯ, жоқары мәнәӯиятлы жасларды тәрбиялаӯда, олардың дөретиӯшилик жумысларын мәлимлеме менен тәмийинлеӯ ушын шәраят жаратып бериӯде мәлимлеме-ресурс орайының орны гиреўли.

Университет мәлимлеме-ресурс орайында «Биринши курс-сизлер ушын!»  «Мәлимлеме-ресурс орайы-талабалар ушын екинши аудитория» атамаларында ушырасыӯ ҳәм таныстырыӯ кешелери өткерилип, студент-жасларға  қәнигелеримиз тәрепинен мәлимлеме-ресурс орайына ағза болыӯ, жаратылған жеңилликлер, мәлимлемелерден  пайдаланыӯ бойынша жол-жобалар, электрон китаплар ҳәм электрон каталоглардан пайдаланыӯ мүмкиншиликлери ҳаққында түсиниклер берилмекте.

Н.Алламбергенова,

Мәлимлеме-ресурс орайы қәнигеси.

Пайдалы дереклер