https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырған абитуриентлер ҳәм тест сынақларының өткерилиўи бойынша | | Karakalpak state university

Жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырған абитуриентлер ҳәм тест сынақларының өткерилиўи бойынша

Ассалаўма әлейкүм, Ҳүрметли заманласлар!

Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынларының бакалавриатына халқымыздың саламатлығын ойлаған ҳалда абитуриентлердиң ҳүжжетлерин дизимнен өткериў Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынларына қабыл етиў бойынша комиссиясының арнаўлы қарары менен усы жылдың 20 июнь күнинен баслап 20 июль күнине шекем my.gov.uz бирден бир мәмлекетлик интерактив хызметлер порталы, Мәмлекетлик тест орайының abitur.dtm.uz  веб сайты ҳәм айрым орынларда Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы дизимнен өткерилди.

Усы белгиленген мүддет ишинде Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынларына  abitur.dtm.uz  ҳәм  my.gov.uz  бирден бир мәмлекетлик интерактив хызметлер порталы арқалы 1 миллион 484 мың 085 абитуриентлер ҳүжжетлерин дизимнен өткерди. Соннан Қарақалпақстан Республикасындағы 9 жоқары оқыў орынларына 82 397 абитуриент жоқары оқыў орынларына кириў ушын ҳүжжетлерин дизимнен өткерди.

Бул белгиленген мүддетте абитуриентлерге жақыннан жәрдем бериў, олардың түсинбеген сораўларына жуўаплар алыў ушын Мәмлекетлик тест орайында 1195 қысқа номерли, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўалаятлардағы бөлимлеринде мүрәжәәтлер орайы шөлкемлестирилди. Буннан тысқары барлық жоқары оқыў орынларында call-центрлар шөлкемлестирилди.

Бәримизге мәлим болғанындай, абитуриентлер ҳүжжетлерин дизимнен өткерген ўақытта абитуриентлерге дизимнен өткенлиги ҳаққындағы «Абитуриенттиң дизимнен өткенлиги бойынша бети» дизимнен өткен ўақыттың өзинде шығарып берилди. Бунда абитуриентлердиң қайсы жоқары оқыў орнына ҳәм тәлим бағдарларына тапсырғанлығы, жеңилликлери, паспорт мағлыўматлары келтирилген. Сондай-ақ, онда 2020-жыл 29-июль күни абитуриентлер өзлериниң жеке кабинетлеринен тест сынақларына кириў ушын «Абитуриент рухсатнамасы»н шығарып алыўлары көрсетилген.

Ҳәзирги күнде пүткил дүнья жүзинде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў илажлары, карантин жағдайлары даўам етип атырғанлығын есапқа алған ҳалда, елимизде карантин ҳалаты 15-августқа шекем создырылды.

Тест сынақларының өткерилиў мүддетлери пандемия шараятынан келип шығып, Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынларына қабыл етиў бойынша комиссиясының арнаўлы қарары менен тест сынақлары өткерилиў мүддети белгиленгеннен соң абитуриентлерге рухсатнамасын шығарып алыў мүддетлерине анықлық киритиледи ҳәм бул бойынша ғалаба хабар қураллары арқалы хабарландырылады.

Тест сынақларын өткериў мүддетлери белгиленгенинен соң, абитуриент рухсатнамалары таярланады ҳәм абитуриентлер Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты (abitur.dtm.uz) арқалы рухсатнаманы жүклеп алыўлары мүмкин болады.

Соны айрықша айтып өтиўимиз керек, ҳар бир абитуриент тест сынақларында қатнасыў ушын тек ғана жеке паспорты ҳәм «Абитуриент рухсатнамасы»на ийе болыўлары тийис. Егер «Абитуриенттиң рухсатнамасы» болмаса, ол жағдайда тест сынақларында қатнаса алмайды. «Абитуриенттиң рухсатнамасы»нда абитуриенттиң жеке мағлыўматлары менен бирге тест тапсырыў аймағы, тест сынағы өткерилетуғын бинаның адреси, сәнеси, тест тапсырылатуғын сменасы ҳәм анық ўақты, топар номери сыяқлы мағлыўматлар берилген болады.

Бәрше абитуриентлерге әўмет тилеймиз!

 

Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими

Пайдалы дереклер