https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Венгрияныӊ Корвинус Университети Орайлық Азия бойынша илимий изертлеӯ орайы директоры Мартон Краснаи университетте болды | | Karakalpak state university

Венгрияныӊ Корвинус Университети Орайлық Азия бойынша илимий изертлеӯ орайы директоры Мартон Краснаи университетте болды

 Бүгин 15-июль күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетине Венгрияныӊ Корвинус Университети Орайлық Азия бойынша илимий изертлеӯ орайы директоры Мартон Краснаи келди.

Мартон Краснаи сапар даӯамында университеттиӊ «Биоэкология» илимий-изертлеӯ лабораториясы жумыслары менен танысты.

Биология факультети деканы Я.Аметов ҳәм экология кафедрасы доценти А.Кидирбаевалар лаборатория имканиятлары менен таныстырды.

Мартон Краснаи халықты таза ишимлик суӯы менен тәмийнлеӯ бойынша жойбарларын усынды. Лабораторияда профессор-оқытыӯшылар суӯдыӊ тазалық дәрежесин анықлаӯ, топырақ қурамындағы элементлерди анықлаӯ, өсимликлердеги бактерияларды уйрениӯ сыяқлы изертлеӯлер алып барыӯ мумкиншиликлери ҳаққында айтып өтти.

Соӊ Мартон Краснаи Электр энергетикасы кафедрасы баслығы К.Реймов пенен ушырасты. Ушырасыӯ барысында мийманды кафедра тәрепинен алып барылып атырған илимий жумыслар менен таныстырды. Кафедра тәрепинен лабораторияда Қуяш энергиясынан аӯыл хожалығы мақсетлеринде, соныӊ ишинде егислик жерлерди суӯ менен тәмийнлеӯде насосларды ислетиӯде Қуяш панеллеринен пайдаланыӯ бойынша илимий изертлеӯлер алып барылып атырғанлығы бойынша мағлыӯмат берип өтти.

Пайдалы дереклер