Өткен күни ҚМУдың Қарақалпақ филологияси факультетинде 1-курс топар сәрдарлары арасында «Ең үлгили топар сәрдары» номинацияси бойынша таңлаў болып өтти. Жарыс шәртлери төмендегише:
1-Салемнама
2-Сораў-жуўап
3-Ўақыя(қәлеген жағдайдан топарын алып шығыў)
4-Қызықлы ойын
Жарысқа 1-курстың сегиз топар сәрдары қатнасты.
Жарыс жуўмағында 1-орынды 1-е топары сәрдары Бекмуратова Гулмира, 2-орынды 1-а қарақалпақ филологиясы топары сәрдары Пирниязов Исламбек, 3-орынды 1-а журналистика топары сәрдары Зияев Султанбек ийеледи. Жеңимпазлар диплом ҳәм арнаўлы саўғалар менен сыйлықланды.
Гулзада Есбергенова,
Қарақалпақ филологиясы факультетиниң 1-курс студенти.