БУХГАЛТЕРИЯЛЫҚ ЕСАП ҲӘМ АУДИТ КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

БУХГАЛТЕРИЯЛЫҚ ЕСАП ҲӘМ АУДИТ КАФЕДРАСЫ

1980-жылы аўыл хожалығы экономикасы кафедрасының қурамынан бухгалтериялық есап кафедрасы бөлинип шықты. Кафедраға профессор Р.Раджапов, доцент Т.Ситмуратов, О.Тулепов, О.Ақмурзин, Ө.Бердиев, К.Исмайловлар басшылық етти.

Бухгалтериялық есап ҳәм аудит кафедрасы бурынғы финанслар ҳәм бухгалтерия есабы кафедрасы тийкарында 2004-жылы қайта шөлкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытта кафедраны доцент Байжанов Сарсенғалий Халмуратович басқармақта.

Кафедра шет еллерден Қазахстандағы Ақтөбе мәмлекетлик университети, Өзбекистан Республикасы жоқарғы оқыў орынлары болған ТМЭУ, Ташкент финанс институты, ТМАУ, Ташкент Банк-финанс академиясы ҳәм басқа да оқыў орынлары менен тығыз байланыста болып, оқыў, оқыў-методикалық, илим-изертлеў, билимин жетилистириў жумыслары бойынша, сондай-ақ илимий кадрларды таярлаў бойынша бирге ислеспекте.

Кафедрада финанслық есап, финанслық анализ ҳәм аудит пәнлери бойынша арнаўлы кабинетлер ислеп турыпты. «Жас бухгалтерлер ҳәм аудиторлар» илимий дөгереклери шөлкемлестирилген болып, онда инталы студентлер белсене қатнаспақта.

Кафедрада профессор-оқытыўшылар тәрепинен қарақалпақ тилинде 30 дан артық оқыў қолланбалар, оқыў-методикалық қолланбалар, методикалық көрсетпелер баспадан шығарылды. Кейинги 3 жылда 2 монография, 50 ден артық илимий мақала, соннан сырт ел журналларында 10 нан аслам илимий мақалалар баспадан шығарылған.

2007-жылы кафедра тәрепинен «Статистика» пәни бойынша электрон оқыў қолланба ислеп шығарылды ҳәм оқыў процесине енгизилип, ҳәзирги ўақытта оннан кеңнен пайдаланылмақта.

2010-жылы Қ.Исмайлов, Т.Ситмуратов, С.Байжановлардың авторлығында «Финанслық есап» атамасындағы оқыў қолланба, 2018-жылы  Р.Дусмуратов, Қ,Исмайлов, З.Тажекеевлер авторлығында «Бухгалтерия есабы теориясы» атамасындағы оқыўлық, Р.Дусмуратов, Қ,Исмайлов, З.Тажекеев, Б.Мырзановлар авторлығында «Бухгалтерия есабы теориясы» атамасындағы оқыў қолланба,  Қ,Исмайлов, Т.Ситмуратов, З.Тажекеев, Қ.Нурмановлар авторлығында «Бухгалтерия есабы» атамасындағы оқыў қолланба Өзбекистан Республикасы ЖОАБМ жоқары оқыў орынлары аралық илимий-методикалық бирлеспелер искерлигин муўапықластырыўшы кеңеси тәрепинен жоқары оқыў орынларының экономикалық билим бағдарлары студентлери ушын оқыўлық, оқыў қолланба сыпатында усыныс етилип баспадан шығарылды.

2010-жылы кафедра баслығы доцент Қ.Исмайлов Өзбекистан Республикасы Олий Мажлис жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм басқа да пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондынан алынған 5,0 млн сўмлық мәмлекетлик грант бойынша мәсләҳәтши есабында Карақалпақстан Республикасы «Лидер ҳаял-қызлар» ассоциациясы менен биргеликте илимий жумыс алып барды.

Сондай-ақ 2018-2019 жыллыр ушын кафеда баслығы доцент С. Байжанов ҳәм кафедра профессор-оқытыўшылары тәрепинен 2018-2019 жыллар ушын 20,0 млн сўмлық хожалық шәртнамасы орынланбақта.

2018 – жылы 24 – апрельде кафедра тәрепинен «Инновациялық искерликти раўажландырыў ҳәм илимий педагогикалық кадрларды таярлаўдың актуаль мәселелери»  ҳәм 10 – октябрьде «Өзбекстан Республикасында аудиторлық хызметтиң раўажланыўы ҳәм оны және де жетилистириў машқалалары» атамасында илимий семинарлар шөлкемлестирилди.

Кафедра профессор-оқытыўшылары ҳәр жылы билимлерин турақлы түрде жетилистирип келмекте. «Истеъдод» фонды тәрепинен 2003-жылы кафедра доценти Т.Ситмуратов Малайзияда, 2007-жылы үлкен оқытыўшы З.Тажекеев Қытай Халық Республикасының Шанхай университетинде билимин жетилистирди. 2008-жылы доцент Қ.Исмайлов Туркия Республикасы Анкара қаласында Қазнашылық бойынша билимин жетилистирип келди.

Кафедра студенти С.Сарсенбаев 2017 – жылы Бердақ атындағы мәмлекетлик стипендианты болды.

Кафедрада профессор-оқытыўшылардан А.Раметов, М.Сейтназаров, Б.Қабулова, Л.Ходжаева, Б.Сеилбеков, П.Хожалепесов, З.Далжанова, Д.Нурмановлар хызмет етти.

Кафедрада профессор-оқытыўшылардан А.Раметов, М.Сейтназаров, Б.Қабулова, Л.Ходжаева, Б.Сеилбеков, П.Хожалепесов, З.Далжанова, Д.Нурмановлар хызмет етти.

Кафедрада ислеп атырған илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар

Исмайлов Куатбай Серсенбаевич, экономика илимлериниң, кандидаты, доцент. 1961-жылы 20-декабрьде Шымбай районында туўылған. 1983-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. 2000-жылы «Мийнет ресурсларын пайдаланыў нәтийжелилиги» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. Өзбекистан Республикасы Жоқары Аттестация Комис-сиясы тәре-пинен 2003-жылы доцент илимий атағын алды. 80 тан аслам илимий мақала ҳәм тезислери, 1 лқыўлық, 12 оқыў қолланба, 14 методикалық қолланбасы баспадан шықты. 2010-2017 жылларда бухгалтериялық есап ҳәм аудит кафедрасының баслығы лаўазымында иследи.

 

Ситмуратов Тенгел Ситмуратович , экономика илимлериниң кандидаты, доцент. 1955-жылы 20-сентябрьде Коңырат районында туўылған. 1977-жылы Ташкент халық хожалығы институтын тамамлаған. 1987-жылы «Резервы повышения эффек-тивности МТП в рисосеющих хозяйствах» темасын-да кандидатлық диссертациясын жақлады. 55 тен ас-лам илимий мақала ҳәм тезислери, 15 тен аслам оқыў қолланба ҳәм методикалық көрсетпелери баспадан шықты. 2009-2011-жыллары бизнес ҳәм басқарыў факультетиниң деканы лаўазымында иследи. 2011-жылдан баслап кафедра доценти.

 

 

Байжанов Сарсенгалий Халмуратович, экономика илимлериниң кандидаты, доцент. 1955-жылы 21-декабрьде Шымбай районында туўылған. 1982-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. 1998-жылы 08.00.04-«Микроэкономика» бағдарында «Повышение эффективности использования потен-циала материально-технических ресурсов» темасын-да кандидатлық диссертациясын жақлады. Қәнигелиги экономист. 1 оқыўлық, 20 дан аслам  оқыў ҳәм методикалық қолланбалары баспадан шықты. 80 тан аслам илимий мақалалары бар.

1982-жылдан баслап университетте ислеп келмекте. Ол сыртқы бөлим ҳәм экономика факультети деканы лаўазымларында, Финанс кафедрасы баслығы лаўазымында иследи. Ҳәзирги ўақытта «Бухгалтериялық есап ҳәм аудит» кафедрасы баслығы лаўазымында ислеп келмекте.

Сондай-ақ, ҳазирги ўақытта кафедрада үлкен оқытыўшылар Қ.Бекбосынов, Б.Мырзанов, З.Тажекеев, ассистентлер Қ.Нурманов, С.Утегенова, Д.Рўзиева ҳәм Т. Исмайловлар ислеп атыр.

Пайдалы дереклер