https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
ОРГАНИКАЛЫҚ ҲӘМ ОРГАНИКАЛЫҚ ЕМЕС ХИМИЯ КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

ОРГАНИКАЛЫҚ ҲӘМ ОРГАНИКАЛЫҚ ЕМЕС ХИМИЯ КАФЕДРАСЫ

«Органикалық ҳәм органикалық емес химия» кафедрасы 2015 жылдың март айында жаңадан қәлиплескен болғаны менен узақ тарийхый басқышларды басып өткен. Дәслеп 1944-1948 жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтында «Химия ҳәм биология» кафедрасы искерлик көрсетип, бул кафедраны доцент С.Османов басқарған. Бул кафедра 1948-1950 жылларда «Химия ҳәм география» кафедрасы деп қайта аталып, кафедра баслығы Г.А.Ворошилова болған. 1950-1958 жылларда профессор П.З.Фишер «Химия» кафедрасының баслығы лаўазымында искерлик жүриткен. Кейиншелик «Химия» кафедрасына 1958-1962 жылларда Ф.А.Кондрарь, 1962-1964 жылларда З.Әметова, 1964-1968 жылларда А.Бөлешов, 1968-1971 жылларда И.Жиемуратов, 1971-1976 жылларда Ж.Алламуратовлар басшылық еткен.

1976 жылда Қарақалпақ мәмлекетлик университети қәлиплескен күнинен баслап «Химия» кафедрасын Қ.Утениязов басқарып келген. 1982 жылда бул кафедра екиге бөлинип, бири «Органикалык химия» кафедрасы болып жаңадан шөлкемлестирилди. 1987-1991 жыллар аралығында «Органиалык химия» кафедрасын доцент Ж.Қурбанов басқарды. 1991-2010 жылға шекемги дәўирде кафедра профессор Қ.Утениязов басшылығында искерлик алып барды.

Химия илимлериниң докторы, профессор Қ.Утениязов тәрепинен Европа жәмийетиниң INTAS дәстүри бойынша 1997-2000 жыллар ушын 80 мың экю муғдарындағы қаржы менен «Катализдеги ковалент байланысқан кислоталар» темасындағы шет ел гранты жеңип алынды.

2000-2004 жылларда химия илимлериниң докторы, профессор Қ.Утениязов NАТО ҳәм Япония мәмлекетиниң халық аралық JICA шөлкемлери тәрепинен берилген шет ел грантларының тийкарғы орынлаўшысы сыпатында илимий жумысларды орынлады.

1997-1999 жылларда «Органикалық химия» кафедрасында «Дәрилик өсимликлердиң қурам бөлеклерин химиялық жол менен изертлеў, жеке бирикпелерди ажыратыў, химиялық структурасын ҳәм биологиялық активлигин анықлаў» темасындағы илимий-изертлеў жумысы орынланды (шифр 14.4.4. илимий басшы химия илимлериниң докторы, профессор Қ.Утениязов, илимий хызметкер химия илимлериниң кандидаты, доцент Б.Бектурсынов).

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Илим ҳәм техника басқармасы тәрепинен жәми 311400 сўм муғдарда жумыс есабынан дәрили өсимликлердиң (қызыл мия, жантақ, әдираспан) физиологиялық актив затлар (алкалоидлар, липидлер, углеводлар, май кислоталары) үйренилди.

1999-жылы 25-26 ноябрь күнлери «Химические и технологические проблемы использования природных ресурсов Приаралья» атамасындағы Республикалық илимий-әмелий конференция өткерилди.

2004-жылы 22-23 апрель күнлери «Қарақалпақстанда химия тәлими, илими ҳәм технологиясының заманагөй мәселелери» атамасындағы Республикалық илимий-әмелий конференция өткерилди.

2008-жылдың 5-6 сентябрь күнлери «Физиологически активные соединения на основе растительных ресурсов и технология неорганических веществ» атамасындағы Республикалық илимий-әмелий конференция өткерилди.

2011-жылдың 16-17 март күнлери «Актуальные проблемы развития химической науки, технологии и образования в Республике Каракалпакстан» атамасындағы химия илимлериниң докторы, профессор Қ.Утениязовтың 70 жыллық юбилейине арналған илимий конференция өткерилди.

2011 ҳәм 2013 жыллары кафедра профессор-оқытыўшыларынан х.и.к., доцент К.Қ.Утениязов ҳәмде ассистент Б.М.Бекполатовалар Украина Миллий университетинде ОЗХО (Организация по запрещению химического оружия) тәрепинен ѳткерилген курсларға қатнасып сертификатлар алып келди.

2017 жылы х.и.к., доцент К.Қ.Утениязов Германия мәмлекетинде лабораториялық әспаб-үскенелерди орнатыў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша стажировкада болып келди.

2018 жылы кафедра профессор-оқытыўшысы х.и.к., доцент М.К. Алланиязованың басшылығында ПЗ-2017092765 «Ширинмия илдизпоясидан ажратилган глицирризин кислотаси асосида буғдойнинг ўсишини мувофиқлаштирувчи, фунгицидлик хусусиятга эга бўлган препарат яратиш ва олиш технологиясини ишлаб чиқиш» темасындағы илимий-изертлеў жумыслары (100 млн. сумм) алып барылмақта.

2018 жылдың сентябрь айынан баслап кафедра профессор-оқытыўшысы х.и.к., доцент А.Г.Ешимбетов CSIR-TWAS грантын утып алып Индия мәмлекетинде постдокторантурада оқып атыр.

Ҳәзирги ўақытта кафедра баслығы лаўазымында х.и.к., доцент К.Қ.Утениязов ислеп келмекте.

 

 

Кафедрада ислеп атырған илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар

 

Химия илимлериниң кандидаты, доцент Утениязов Каримбай Қуанышбаевич 1972 жылы 24 январьда Қанлыкөл районында туўылған. 1994 жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги химик, химия оқытыўшысы. 2000 жылы «Циклоартановые гликозиды из растения Astragalus globiceps» темасында 02.00.10 – Биоорганикалық химия, тәбийий ҳәм физиологиялық актив затлар химиясы қәнигелиги бойынша ӨзР ИА Биоорганикалық химия институты жанындағы Қәнигелестирилген Кеңесинде кандидатлык диссертациясын жақлады. Илмий басшылығында еки кандидатлық диссертациялары жақланды. 80 тан аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланған. Соның ишинде 6 оқыў-методикалық қолланбалары баспадан шыққан. Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Органикалық ҳәм органикалық емес химия» кафедрасы баслығы лаўазымында ислеп келмекте.

 

Химия илимлериниң кандидаты, доцент Танирбергенов Базарбай 1943 жылы 12 мартта Нөкис районында туўылған. 1965 жылы Ташкент мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги химик, химия оқытыўшысы. 1982 жылы «Ниобаты серебра и некоторых двухвалентных 3d-металлов» темасында 02.00.01 – Органикалық емес химия қәнигелиги бойынша Киев мәмлекетлик университети жанындағы Қәнигелестирилген Кеңесте кандидатлык диссертациясын жақлаған. 30 дан аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланған. Соның ишинде 5 оқыў методикалық қолланбалары баспадан шыққан. Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Органикалық ҳәм органикалық емес химия» кафедрасы доценти лаўазымында ислеп келмекте.

 

Химия илимлериниң кандидаты, доцент Турениязова Даметкен Айниязовна 1962 жылы 15 февральда Кегейли районында туўылған. 1986 жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги химик, химия оқытыўшысы. 1996 жылы «Синтез и антиаритмическая активность производных аминолупинина» темасында 02.00.10 – Биоорганикалық химия, тәбийий ҳәм физиологиялық актив затлар химиясы қәнигелиги бойынша ӨзР ИА Биоорганикалық химия институты жанындағы Қәнигелестирилген Кеңесте кандидатлык диссертациясын жақлаған. 40 тан аслам имилий мақалалары ҳәм тезислери баспадан шықкан. Сондай-ақ, 4 методикалық қолланбалары баспадан шыққан. Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Органикалық ҳәм органикалық емес химия» кафедрасы доценти лаўазымында ислеп келмекте.

 

Химия илимлериниң кандидаты, доцент Алланиязова Мапруза Кдырбаевна 1966 жылы 17 ноябрьде Кегейли районында туўылған. 1988 жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги химик, химия оқытыўшысы. 1995 жылы «Синтез и взаимодействие с холинэстеразами производных алколоидов и различных аминоспиртов» темасында 02.00.10 – Биоорганикалық химия, тәбийий ҳәм физиологиялық актив затлар химиясы қәнигелиги бойынша ӨзР ИА Биоорганикалық химия институты жанындағы Қәнигелестирилген Кеңесте кандидатлық диссертациясын жақлаған. 40 тан аслам имилий мақалалары ҳәм тезислери баспадан шыққан. Сондай-ақ, 4 методикалық қолланбалары баспадан шыққан. Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Органикалық ҳәм органикалық емес химия» кафедрасы доценти лаўазымында ислеп келмекте.

 

Химия илимлериниң кандидаты Генжемуратова Гулхан Пердебаевна 1973 жылы 13 октябрьде Нөкис қаласында туўылған. 1997 жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги химик, химия оқытыўшысы. 2010 жылы «Соли 2,3-замещенных хиназолонов-4 в реакциях C-, N-, O-ацилирования» темасында 02.00.03 – Органикалық химия қәнигелиги бойынша Өзбекстан Миллий университети жанындағы Қәнигелестирилген Кеңесте кандидатлық диссертациясын жақлаған. 30 тен аслам имилий мақалалары ҳәм тезислери баспадан шықкан. Сондай-ақ, 1 оқыў-методикалық қолланбалары баспадан шыққан. Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Органикалық ҳәм органикалық емес химия» кафедрасы доценти лаўазымында ислеп келмекте

 

 

Химия илимлериниң кандидаты, доцент Ешимбетов Алишер Гулумбаевич 1973 жылы 8 декабрьде Беруний районында туўылған. 1997 жылы Самарқанд мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги химик, химия оқытыўшысы. 2012 жылы «Электронная структура и спектральная свойства производных дезоксивазисинона и 1-(хинонилин)-b-карболина» темасында 02.00.10 – Биоорганикалық химия, тәбийий ҳәм физиологиялық актив затлар химиясы қәнигелиги бойынша ӨзР ИА Биоорганикалық химия институты жанындағы Қәнигелестирилген Кеңесинде кандидатлык диссертациясын жақлады. 70 тан аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланған. Соның ишинде 4 оқыў-методикалық қолланбалары баспадан шыққан. Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Органикалық ҳәм органикалық емес химия» кафедрасы доценти лаўазымында ислеп келмекте.

 

 

 

 

 

Техника илимлериниң кандидаты  Абдикамалова Азиза Бахтияровна 1984 жылы 18 октябрьде Нөкис қаласында туўылған. 2007 жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги биоорганикалық химия, тәбийий ҳәм физиологиялық актив затлар химиясы магистри. 2018 жылы «Разработка полифункциональных буровых растворов на основе глинистых минералов и отхода содового производства Каракалпакстана» темасында 02.00.11 – Коллоидлық ҳәм мембрана химиясы қәнигелиги бойынша ӨзР ИА Улыўма ҳәм органикалық емес химия институты жанындағы Қәнигелестирилген Кеңесте филосиофия докторы диссертациясын жақлаған. 30 дан аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланған. Соның ишинде 2 оқыў методикалық қолланбалары баспадан шыққан. Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Органикалық ҳәм органикалық емес химия» кафедрасы доценти лаўазымында ислеп келмекте.

 

 

 

Химия илимлериниң кандидаты    Джуманазарова Зулфия Кожабоевна 1986 жылы 29 майда Беруний районында туўылған. 2008 жылы Мирза Улуғбек атындағы Өзбекстан Миллий Университетин тамамлаған. Қәнигелиги  химия, органикалық химия  магистри. 2018  жылы “Магний ҳәм кальций нитратларының  бир түрли ҳәм аралас лигандлы координацион бирикпелердиң синтези, дүзилиси ҳәм қәсийетлери” атамасында 02.00.01- органикалық емес химия  қәнигелиги бойынша Өзбекистан Миллий Университетиндеги  илимий  дәрежелер бериўши  DSc27.06.2017.K.01.03 санлы илимий Кеңесинде кандидатлық диссертациясын қорғаған. 30 дан артық  илимий мийнетлери баспадан  шыққан. Соннан 1 оқыў-методикалық  қолланбасы  баспадан  шыққан.қарақалпақ  мәмлекетлик  университети “Органикалық ҳәм  органикалық емес химия” кафедрасы  ассистенти  лаўазымында ислеп  келмекте

 

Кафедра қурамы:

 

Ф.И.Ш.

Лаўазымы

Илмий дәрежеси ҳәм атағы

1

К.Қ.Утениязов

Кафедра баслығы

х.и.к.,доцент

2

Б.Танирбергенов

доцент

х.и.к.

3

Д.А.Турениязова

доцент

х.и.к.,доцент

4

М.Қ.Алланиязова

доцент

х.и.к.,доцент

5

Г.П.Генжемуратова

доцент

х.и.к.

6

А.Г.Ешимбетов

доцент

х.и.к.доцент

7

А.Б.Абдикамалова

доцент

т.и.к.

8

А.А.Султанов

ассистент

 

9

Б.Бекполатова

ассистент

 

10

А.Д.Қудиярова

ассистент

 

11

Г.М.Досанова

ассистент

 

12

Г.Н.Артикова

ассистент

 

13

Қ.Қ.Қосназаров

ассистент

 

14

Б.М.Исмаилов

ассистент

 

15

З.Джуманазарова

ассистент

 

16

Ш.С.Ажиниязова

ассистент

 

17

Қ.Б.Абдиреймов

ассистент

 

18

К.Алламбергенова

ассистент

 

Сондай-ақ, кафедрада ассистентлер А.А.Султанов, Қ.Б.Абдиреймов, Б.М.Бекполатова, З.К.Жуманазарова, Б.М.Исмаилов, Ш.С.Ажиниязова, А.Д.Қудиярова, Г.М.Досанова, Г.Н.Артикова, Қ.Қ.Қосназаров, К.Р.Алламбергенова ҳәм А.П.Бектурсыновалар жумыс ислеп атыр.

 

 

 

 

Пайдалы дереклер