slot gacor hari ini
ҚМУ Проректоры оқыған мектебине китаплар саўға етти | | Karakalpak state university

ҚМУ Проректоры оқыған мектебине китаплар саўға етти

Усы жылдың 19-март сәнесинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде жаслардың руўхый дүньясын байытыў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў бойынша мәселелери талқыланды. Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы: «Ҳәр бир басшы өзиниң жеке китапханасынан өзи билим алған мектеп китапханасына китаплар саўға етсе, бул жақсы баслама болып, китапқумарлықты раўажландырыў менен бирге перзентлеримиздиң тәрбиясына жақсы тәсирин тийгизеди», деп келтирип өтти.

Бүгин Президентимиздиң бул басламасы басқа тараўлардағылар сыяқлы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети басшылары тарепинен де қоллап-қуўатланбақта.

Қаракалпақ мәмлекетлик университетиниң Оқыў ислери бойынша проректоры М.Ибрагимов өзи билим алған Хожели районлық 7-санлы мектеп китапханасына өзиниң авторлығындағы ҳәм басқа да бир неше көркем-әдебий китаплардан саўға қылды. М.Ибрагимов 1989-жылы усы мектепти «алтын медаль» менен питкерген. Физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент. Бир неше илимий мийнетлер авторы есапланады.

Әлбетте, басшы лаўазымдағылардың бундай басламасы жаслардың, мектеп оқыўшыларының еле де терең билим алыўлары ушын, олардың дүньятанымын кеңейтиўде өзиниң үлкен тәсирин тийгизетуғыны анық.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер