Хабарыңыз бар, усы жылдың 16-17-апрель күнлери аралығында университетимизде Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Өзбекстан миллий университети Қытай Халық Республикасының Тәбийғый ресурслар ҳәм География илим-изертлеў институты, Қытай Илимлер Академиясының Орайлық Азия экологиясы ҳәм қоршаған орталық илим-изертлеў орайы, Тибет тегислигин үйрениў илим-изертлеў институтлары менен биргеликтеги «Арал теңизи бассейни экосистемасы ҳәм суў ресурслары» атамасында халықаралық илимий-әмелий семинар шөлкемлестирмекте.
Өткен күни семинар шеңберинде сырт елли мийманлар университетимиздеги Репрессия қурбанларын еслеў музейин тамашалады.
Баспасөз хызмети.