https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Сиясий ҳәм жәмийетлик искер, атақлы илимпаз 90 жаста | | Karakalpak state university

Сиясий ҳәм жәмийетлик искер, атақлы илимпаз 90 жаста

Бердақ атындағы ҚМУдың мәденият сарайында Өзбекстан Қаҳарманы, атақлы мәмлекетлик сиясий ҳәм жәмийетлик искер Азат Шарафиддинов туўылғанының 90 жыллығы мүнәсибети менен «Әдебий сыншылықтың раўажланыўында Азат Шарафиддинов илимий мийрасларының орны» атамасында  әнжуман болып өтти.

Илажды Өзбек филологиясы факультетиниң деканы, доцент О.Дүйсенбаев ашты ҳәм алып барды.

Онда Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыр А.Өтепбергенов, филология илимлериниң кандидаты, доцент Ф.Салаев, филология илимлериниң кандидаты (PhD) Х.Толыбаевлар шығып сөйлеп, Азат Шарафиддиновтың өзбек әдебияты ҳәм илиминде тутқан орны ҳәм әҳмийети ҳаққында айтып өтти.

– Азат Шарафиддиновтың әдебият майданындағы мийнетлери айрықша. Ол әдил инсан, мийнеткеш илимпаз, мийирман әке сыпатында турмыста өзине тән өмир жолы ҳәм өшпез изин қалдыра алды. Оннан бизге әжайып ҳәм бийбаҳа болған дөретиўшилик мийрас қалды. Бул дөретпелери тек ғана бир инсанның емес, бир пүтин миллеттиң мақтанышы бола алатуғын дөретиўшилик мийнетлер есапланады,-дейди филология илимлериниң кандидаты, доцент Ф.Салаев.

Әнжуман жәмийетлик ғайраткер ҳәм илимпаз Азат Шарафиддинов ҳаққында еске түсириўлер менен даўам етти.

Ж.Искендеров,

Журналистика қәнигелиги студенти.

Пайдалы дереклер