Санкт-Петербург мәмлекетлик педиатрия медицина университети доценти ҚМУда | | Karakalpak state university

Санкт-Петербург мәмлекетлик педиатрия медицина университети доценти ҚМУда

Президентимиздиң тараўға тийисли Пәрман ҳәм қарарларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, яғный сырт еллердиң жоқары оқыў орынларынан профессор-оқытыўшыларын сабақ оқытыўға шақырыў бойынша Россия Федерациясының Санкт-Петербург мәмлекетлик педиатрия медицина университети Нормаль физиология кафедрасының доценти Валерий Еркудов усы жылдың 24-апрель – 3-май күнлери аралығында Қарақалпақ мәмлекетлик университети Тәбияттаныў факультети биология қәнигелигиниң студентлерине сабақ өтиў мақсетинде келген еди.

Бүгин мийман В.Еркудов Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймов қабыллаўында болды.

Ушырасыў даўамында университетлер арасындағы бирге ислесиўдиң келешектеги ис-режелери ҳаққында сәўбетлесип, тийисли қәнигеликлер бойынша академиялық мобиллик, докторантура, оқытыўшылардың тәжирийбе алмасыўы, биргеликте илимий конференциялар шөлкемлестириў ҳәм басқа да мәселелер бойынша өз ара сәўбетлести.

Әлбетте, бундай сырт ел қәнигелериниң сабақ өтиўи студент-жасларда өз қәнигелигине, илимге қызығыўшылығын және де арттырыўына исенемиз.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер