https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Өзбекстан – улыўма үйимиз | | Karakalpak state university

Өзбекстан – улыўма үйимиз

Бүгин мәмлекетимизде миллетлераралық татыўлықты беккемлеў, миллий мәдений орайлар менен ислесиўди және де раўажландырыўға бағдарланған кең көлемли илажлар әмелге асырылып келинбекте. Елимизде 130дан аслам ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери бир атаның балаларындай дос ҳәм туўысқан болып жасап ҳәм мийнет етип келмекте. Сондай-ақ, Өзбекстанда ғәрезсизлик жылларында көп миллетли халқымыздың бир мақсет, бир идея жолында бирлесип, ҳәммеси ана Ўатанымыздың гүллеп-жаснаўы ушын тер төгип мийнет етип атырғанлығын, мәмлекетимизди раўажландырыў жолында қолға киргизип атырған табысларын мақтаныш пенен тилге арсақ арзыйды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 22-февраль күнги ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық мүнәсибетлер ҳәм сырт ел мәмлекетлери менен дослық байланыслары комитетиниң 2019-жыл 26-апрельдеги тийисли ҳүжжетлеринде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усы жыл 2-май күнги мәжилис баянламасы тийкарында 16-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Өзбекстан – улыўма үйимиз!» сүрени астында республикалық мәденият ҳәм дослық фестивалы болып өтти.

Фестиваль – елимиз жаслары арасында миллетлераралық татыўлықты  ҳәм диний кеңпейиллик идеяларын кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған кең көлемли ғалабалық илаж болып есапланады.

Фестиваль шеңберинде дәслеп «Ҳәрекетлер стратегиясының миллетлераралық ҳәм конфессиялараралық тынышлық ҳәм де татыўлықты беккемлеўде орны ҳәм әҳмийети» атамасында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Оны ҚМУ ректоры А.Реймов басқарып барды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық мүнәсибетлер ҳәм сырт ел мәмлекетлери менен дослық байланыслары комитетиниң бөлим баслығы У.Турсунов, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республика бөлими баслығы Қ.Юсупов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бүгинги күнде мәмлекетимизде 16 конфессияға тийисли диний шөлкемлер еркин жумыс алып барып атырғанлығын, мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринде оқытыў 7 тилде алып барылып атырғанлығын атап өтти.

Дөгерек сәўбетинен соң университет фойесинде «Өзбекстан – кеңпейил үлке» атамасында фото-көргизбеси шөлкемлестирилди.

Буннан соң университет мәденият сарайында «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасында республика Миллий мәдений орайларының гала концерти болып өтти.

Илажға республикамыздағы барлық миллий мәдений орайлардың басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Ҳақыйқатында да, елимизде жаслар арасында миллий ғәрезсизлик идеяларын, халқымыздың бай мәдений мийрасын ҳәм руўхый – әдеп икрамлылық дәстүрлерин, миллетлераралық татыўлық, диний кеңпейиллик идеяларын кеңнен үгит – нәсиятлаў, кеңпейиллик ҳәм инсаныйлық пазыйлетлерди беккемлеў, жаслардың санасында «Өзбекстан-улыўма үйимиз!» идеясының мазмун-мәнисин түсиндириўге қаратылған бүгинги республикалық фестиваль жоқары көтериңкилик руўхында өткерилди.

Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер