https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Социал-экономикалық факультетиниң оқытыўшылары Мойнақ районы мектеплеринде | | Karakalpak state university

Социал-экономикалық факультетиниң оқытыўшылары Мойнақ районы мектеплеринде

Усы жылдың 29-май күни Социал-экономикалық факультети Финанс кафедрасының профессор-оқытыўшылары Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2018-жыл 9-ноябрь күнги 917-санлы буйрығы талапларын орынлаў мақсетинде Мойнақ районы 9-санлы мектебинде, Бозотаў АПЖда ҳәм Мойнақ санаат-транспорт колледжинде илажлар шөлкемлестирди.

Илаж даўамында Финанс кафедрасының профессор-оқытыўшылары доц. З.Баймуратова, М.Бекаевалар “Социаллық-ағартыўшылық орталықты және де жақсылаў ” атамасында семинар шөлкемлестирди.

Семинар өз ара пикир алысыўлар менен даўам етти.

Б.Сарсенбаев,

Факультеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер