https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Халықаралық «Онлар аўқамы» конференциясы көшпели кубоги университетимизде | | Karakalpak state university

Халықаралық «Онлар аўқамы» конференциясы көшпели кубоги университетимизде

Хабарыңыз бар, усы жылдың 31-май – 2-июнь күнлери аралығында Ташкент қаласында 18 жастан 30 жасқа шекемги студент-жаслар арасында халықаралық «Онлар аўқамы» конференциясы болып өткен еди.

Бул конференция – жәҳән көлеминде ҳәм социал-економикалық машқалалар менен гүресиўши xалықаралық майданда тән алынған шөлкемлердиң моделин жаслар тәрепинен додалаўшы xалықаралық конференция ретинде тән алынған.

Конференцияның тийкарғы мақсети – жасларды xалықаралық нызамшылық принциплери менен кеңнен таныстырыў, олардың ҳуқықый санасын ҳәм потенциалын жоқарылатыў, мәмлекетимиз раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосыў жолындағы басламаларын xошаметлеўден ибарат.

Бүгин конференцияға қатнасып қайткан бир топар студент-жасларымызды университетимиз ректоры қабыллап, олардың халықаралық «Онлар аўқамы» конференциясының көшпели кубогине ерискени менен қутлықлап өтти.

Конференцияға Қарақалпақстан Республикасынан 28 студент-жаслар, солардан 13 қатнасыўшы университетимиздиң студент-жасларынан ибарат болып, оған мүнәсип тәризде қатнасып қайтты.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер