https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Университет Кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти | | Karakalpak state university

Университет Кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Кеңесиниң (12-санлы) мәжилиси болып өтти.

Оны университет ректоры А.Реймов басқарып барды.

Мәжилиске университет проректорлары, бөлим баслықлары, деканлар ҳәм кафедра баслықлары қатнасты.

Дәслеп университет Кеңесиниң 2019-2020-оқыў жылы ушын календарлық ис-жобасын ҳәм Кеңес ағзалары қурамын тастыйықлаў бойынша Кеңес хаткери С.Мырзатаев шығып сөйледи. Буннан соң, «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 2019-жыл 18-май күнги №62-63 (20305)  қоспа санында жәрияланған сайлаў мүддети питкен ҳәм бос турған лаўазымлар ушын жәрияланған таңлаўдың жуўмақлары еситтирилди.

Журналистика кафедрасы баслығы лаўазымы ушын усынылған тарийх илимлериниң кандидаты, доцент Даўлетбай Бекбаўлиев Кеңес ағзалары тәрепинен 97 процент даўыс топлап, кафедра баслығы лаўазымына тайынланды. Ал, физика кафедрасы баслығы лаўазымына усынылған физика-математика илимлериниң докторы, профессор Марат Тагаев Кеңес ағзалары тарепинен 88 процент даўыс топлап кафедра баслығы лаўазымына сайланды. Және, физика кафедрасының профессор лаўазымына физика-математика илимлериниң докторы Бахтыяр Абдикамалов, журналистика кафедрасы профессор ў.ў.а лаўазымына М.Жумамуратовалар сайланды. Буннан басқа да, таңлаўда жәрияланған доцент, үлкен оқытыўшы, оқытыўшы (ассистент) лаўазымлары ушын тийисли кандидатуралар сайланды.

Сондай-ақ, илажда университет Кеңесиниң қарары менен Қарақалпақстан Мусылманлары қазыятының қазысы Ш.Бауатдиновқа Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Ҳүрметли профессоры атағы берилди.

Мәжилис даўамында күн тәртибиндеги мәселелер бойынша баянатлар тыңланды.

Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер