https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
#Қарар_ҳәрекетте  Математика илимин раўажландырыў бойынша пикир алмасты | | Karakalpak state university

#Қарар_ҳәрекетте  Математика илимин раўажландырыў бойынша пикир алмасты

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-июль күни қабыл етилген «Математикалық билимди ҳәм илимди буннан былай да раўажландырыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институтының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында келтирилген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша илаж болып өтти.

Илажды ҚМУ ректоры А.Реймов басқарып барды.

Оған НМПИ ректоры Б.Утемуратов ҳәм республикамызға белгили тараў илимпазлары қатнасты.

Кешеде ҚМУ Оқыў ислери бойынша проректоры М.Ибрагимов, ҚМУ профессорлары А.Отаров, К.Қудайбергенов ҳәм басқа да алымлар шығып сөйлеп, қарарда белгиленген илимниң түрлес тараўларында ҳәм экономика тармақларында илимий нәтийжелерден пайдаланыў , сондай-ақ, Институттың белгили бир илимий бағдарларын фундаменталь излениўлерден  әмелий изертлеўлерге қайта бағдарлаў бағдарламаларын ислеп шығыў; 2020-2022-жылларда экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў ушын математика бойынша жоқары маманлыққа ийе қәнигелерди таярлаў илажлары бағдарламасын ислеп шығыў; илимий нәтийжелер кеңнен додаланыўын ҳәм заманагөй илимниң жетискенликлерин ғалаба ен жайдырыўды шөлкемлестириў. Институт қолланбаларының турақлы түрде жаңаланып туратуғын электрон мағлыўматлар базасын жаратыў; илимий-изертлеў жумысының билимлендириў процеси менен байланысларын беккемлеў. Мырза Улуғбек атындағы Өзбекстан Миллий университети, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети студентлери ҳәм Институт хызметкерлериниң тәжирийбе  start-up жойбарларының әмелге асырылыўына жәрдемлесиў; Математика тараўында жәҳән илимий орайлары, соның ишинде ҒМДА, Европа, Америка ҳәм Азия мәмлекетлериниң жетекши университетлери менен биргеликте изертлеўлерди шөлкемлестириў; баспа жумысын жақсылаў ҳәм материалларды жәриялаўда белсендиликти арттырыў. Инглис тилиндеги «Өзбекстан математика журналы» илимий басылымының жумысын жетилистириў; қаржыландырыў системасын жетилистириў, қәрежетлерди оптималластырыў ҳәм Институттың материаллық-техникалық базасын беккемлеў; инфраструктураны модернизациялаў; хызметкерлер ушын жумыс шараятларын жақсылаў ҳәм оларды материаллық жақтан хошаметлеў системасын жетилистириў; ҳәр жылғы «Илим жетекшиси» республикалық таңлаўын өткериў сыяқлы ўазыйпалар жөнинде кең түрди түсиниклер берип өтти.

Сондай-ақ, илаж соңында тараў илимпазлары қарарда белгиленген басқа да ўазыйпалардан келип шыққан ўазыйпалар жөнинде пикир алмасты.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер