https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Пекин университетиниң илимпазлары ҚМУда | | Karakalpak state university

Пекин университетиниң илимпазлары ҚМУда

Усы жылдың 2-август күни Пекин университетиниң илимпазлары Ванг Хуе Ёнг ҳәм Джанг Юанлар Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болды.

Мийманлар университет ректоры А.Реймов қабыллаўында болып, университетлер арасындағы бирге ислесиўдиң келешектеги ис-режелери ҳаққында сәўбетлесип, тийисли қәнигеликлер бойынша докторантура, оқытыўшылардың тәжирийбе алмасыўы, биргеликте илимий-әмелий конференциялар шөлкемлестириў бойынша өз ара келисип алды.

Келешекте қытайлы илимпазлар Қарақалпақстанда Қарақалпақ мәмлекетлик университети алымлары менен биргеликте дәрилик өсимликлер бойынша илимий изленислер алып барып, усы жерде дәрилик өсимликлерди қайта ислеўши кәрханаларды жолға қойыў нийетинде екенлигин билдирди.

 Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер