https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Сидней университетиниң профессоры ҚМУда | | Karakalpak state university

Сидней университетиниң профессоры ҚМУда

Усы жылдың 12-август сәнесинде Сидней университетиниң профессоры, белгили археолог илимпаз Элисон Беттс ҳәм Өзбекстан Қаҳарманы, археолог Ғ.Хожаниязовлар Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болды.

Мийманлар университет ректоры А.Реймов қабыллаўында болып, университетлер арасындағы бирге ислесиўдиң келешектеги ис-режелери ҳаққында сәўбетлесип, академиялық мобиллик, тарийх, археология бойынша докторантура, оқытыўшылардың тәжирийбе алмасыўы, биргеликте илимий-әмелий конференциялар шөлкемлестириў бойынша өз ара келисип алды.

Мағлыўмат ушын, Э.Беттс келип шығысы шотландиялы болып, 1991-жылдан баслап Сидней (Австралия) университетинде археология бойынша сабақ берип келмекте. 2012-жылы ол профессор атағын алады.

Элисон Беттс жерлесимиз, Өзбекстан Қаҳарманы, археолог Ғайратдин Хожаниязов пенен 25 жылдан берли Орта Азия, әсиресе, Қарақалпақстан аймағында археологиялық изертлеў жумысларын алып бармақта. Бул изленислердиң нәтийжеси сыпатында олардың қол астында Сидней университинде 4 PhD (философия доктор)лар жетилисип шықты. Сондай-ақ, олардың авторлығында “Әййемги Хорезмниң әскерий архитектурасы” атамасындағы китап 2006-жылы Париж қаласында жарық көрди.

 Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер