https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
ҚМУ студенти Германияда билимин арттырмақта | | Karakalpak state university

ҚМУ студенти Германияда билимин арттырмақта

Германия мәмлекетиниң ДААД шөлкеми дүнья жүзи жаслары менен бирге мәмлекетимиздиң жоқары оқыў орынларында тәлим алып атырған жаслар да ҳәр жылы дәстүрий тәризде өткерилетуғын жоқары оқыў орынлары ушын жазғы курсларға (HSK in Deutschland) қатнасыў имканиятына ийе.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң шет тиллери факультети немис тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң 4-курс студенти  Бекзад Жумамуратов 2019-2020-оқыў жылы ушын Германияның ДААД шөлкеминиң стипендианты болыўға мияссар болды.

Ол ҳәзирги ўақытта Германияның Дюссельдорф қаласындағы «Коммуникация ҳәм информациялық технология» университети тәрепинен шөлкемлестирилген тил үйрениў курсында өз билим ҳәм көнликпесин арттырмақта.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер