https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
ҚМУда «Ғәрезсизлик сабақлары» өткерилмекте | | Karakalpak state university

ҚМУда «Ғәрезсизлик сабақлары» өткерилмекте

Пүткил елимиз бойлап ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллығы салтанатлы белгиленип атырған бир ўақытта және бир байрам — Билимлер күни бәрше жоқары оқыў орынларында көтериңкилик жағдайында өткерилмекте.

Бүгин – 4-сентябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2019-2020-оқыў жылы басланып, онда «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» ураны астында биринши сабақ – «Ғәрезсизлик сабақлары» менен даўам етти.

Университетте өткерилген «Ғәрезсизлик сабақлары»нда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, университет ректоры А.Реймов ҳәм университет профессор-оқытыўшылары студентлерге қос байрам менен қызғын қутлықлап, билимлендириў тараўында қолға киргизилип атырған жетискенликлер, жаслар ушын жаратылып атырған кең мүмкиншиликлер ҳәм қолайлы шараятлар ҳаққында сөз етти. Және, Президентимиз басшылығында жоқары билимлендириў системасында әмелге асырылып атыр­ған кең көлемли реформалар, жас әўладты физикалық ҳәм руўхый жақтан жетилискен, саламат ҳәм жоқары интеллектуаллық потенциалға ийе инсанлар етип тәрбиялаўда айрықша әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер