https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
ҚМУда студентлик гүўалықлары тапсырылды | | Karakalpak state university

ҚМУда студентлик гүўалықлары тапсырылды

Халқымыз әсирлер даўамында әрман етип ерискен ғәрезсизлигимизди еле де беккемлеў — раўажланыўымыздың ең әҳмийетли бағдарларының бири есапланады. Ал, ҳәр қандай раўажланыўдың тийкарғы факторы — жоқары интеллектуал ҳәм руўхый кәмилликке ийе кадрларды таярлаў мәселеси болып табылады.

Усы жылдың 7-сентябрь куни Қарақалпақстандағы тийкарғы таяныш жоқары оқыў орны есапланған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» ураны астында жаңа оқыў жылы – «Билимлер күни» салтанатлы кешеси болып өтти.

Кешеде университет ректоры А.Реймов, академик Ж.Базарбаев, профессорлар Б.Абдикамалов, Қ.Жарымбетовлар шығып сөйлеп, университеттиң 1-курсына қабыл етилген студентлерге берилген имканиятлардан үнемли пайдаланып, халқымыздың ийгилиги, Ана Ўатанымыздың пәраўанлығы жолында жемисли хызмет етип, Ғәрезсизлигимизди және де беккемлеўге, елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыўға өзлериниң салмақлы үлесин қосатуғын жетик кадрлар болып жетилисиўин тиледи.

Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде мәмлекетимизде алып барылып атырған жедел реформалардың қатарында жоқары билимлендириў системасындағы жаңаланыўлар жүдә айрықша әҳмийетке ийе есапланады. Себеби, Президентимиздиң атап көрсеткениндей: «Илим, билимсиз ҳеш қашан раўажланыўға ерисип болмайды!».

Сонлықтан да, Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң усы жылдың 24-май күни Өзбекстан Миллий университетинде жоқары оқыў орынларының ҳәм илимий-изертлеў мәкемелериниң басшылары, академиклер, илимпазлар ҳәм жас изертлеўшилер менен ушырасыўы, және, усы жылдың 19-март күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалары – булардың бәршеси мәмлекетимиздеги бәрше жоқары оқыў орынларын раўажландырыўда жаңа қәдем болды.

Сондай-ақ, усы жылдың 20-21-август күнлери Президентимиздиң Қарақалпақстанға еткен сапары даўамында Қарақалпақстан Республикасының тийкарғы таяныш жоқары оқыў орны есапланған Қарақалпақ мәмлекетлик университетин раўажландырыў бойынша Президент қарарын таярлаў бойынша берген тапсырмасы университетимизди, қалаберсе, Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларын раўажландырыў бойынша үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Басланып атырған жаңа 2019/2020-оқыў жылы ушын бакалавриаттың күндизги бөлимине 58  тәлим бағдары бойынша жәми 3181 студент, соннан 728, ал, қосымша қабыллаў квотасынан тысқары 122 абитуриентлер мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди. 2453 абитуриент болса, төлемли-шәртнама тийкарында студентликке қабылланды. Ал, бакалавриаттың сыртқы бөлимине 11 тәлим бағдары бойынша 386 абитуриент, кешки бөлимге 5 тәлим бағдары бойынша жәми 121 абитуриент оқыўға қабылланды.

Магистратураға болса, 32 қәнигелик бойынша жәми 164 талабан, соннан 88 и мәмлекетлик грант тийкарында, 72 төлемли-шәртнама тийкарында қабылланды.

Илаж даўамында ең жоқары балл менен студентликке қабылланғанларға студентлик гүўалықлары салтанатлы тәризде берилди.

– Мен ҚМУдың юриспруденция қәнигелигине ең жоқары балл топлап, мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылландым. Келешекте усы билим дәргайында жақсы тәлим алып, елимиздиң раўажланыўына өзимниң үлесимди қоссам деймен,-дейди Алымжан Исматов.

Салтанатлы илаж университеттиң “Ҳүрлиман” халық ансамблиниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер