https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Шет тиллерин үйрениў – дәўир талабы | | Karakalpak state university

Шет тиллерин үйрениў – дәўир талабы

«Шет тиллерин билиў жәҳәнге жол» дегениндей бүгинги күнде шет тиллерин билиўге ҳәм үйретиўге болған талап күннен-күнге артып бармақта. Буның айқын мысалы ретинде Бердақ атындақ Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Британия кеңеси ўәкиллери менен болып өткен ушырасыўды келтирсек орынлы.

Жақында болып өткен ушырасыўға Қарақалпақ мәмлекетлик университети шет тиллери факультетиниң профессор-оқытыўшылары, магистрантлары, зийрек-студентлери, сондай-ақ, НМПИдиң шет тиллери факультетиниң профессор-оқытыўшылары қатнасты.

Илажда кеңес ўәкиллери жыйналғанлар менен жоқары оқыў орынларының шет тиллер факультетлеринде оқытыў системасында 10 жылдан берли әмелге асырылып атырған  PreSeTT бағдарламасының абзаллықлары, жетискенликлери ҳәм ушырасып атырған кемшиликлери, өзгерис киргизиў зәрүрлиги бар яки жоқлығы ҳаққында пикирлести. Ушырасыўға қатнасқан профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар өз пикир-усынысларын билдирип өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли жуўапларын алды.

Д.Бадирова,

Инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасының ассистенти.

 

Пайдалы дереклер