https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Көрнекли алым, профессор Аманбай Отаров 80 жаста | | Karakalpak state university

Көрнекли алым, профессор Аманбай Отаров 80 жаста

Усы жылдың 5-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде белгили илимпаз, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, профессор Аманбай Отаровтың 80 жыллық юбилей кешеси болып өтти.

Салтанатлы кешени ҚМУдың оқыў ислери бойынша проректоры М.Ибрагимов басқарып барды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Нураный қорының баслығы Ш.Уснатдинов шығып сөйлеп, юбилиярды қутлықлап, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Ардақлы нураный» көкирек нышаны менен сыйлықлады. Сондай-ақ, кешеде А.Отаровты заманлас жора-жолдаслары, жақынлары, университет жәмәәти ҳәм шәкиртлери қутлықлап, А.Отаровтың илим, билимлендириў тараўында еткен үлкен мийнетлерин атап өтти.

Аманбай Отаров 1939-жылы 10-май күни ҳәзирги Қанлыкөл районының «Киндик өзек» дийхан-фермер хожалығының аймағында туўылған. Ол орта мектепти табыслы тамамлағаннан соң, 1958-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының физика-математика факультетиниң «матема-тика ҳәм сызыў» қәнигелигине оқыўға кирип, оны 1963-жылы табыслы тамамлайды. Буннан соң, 1964-1965-жыллары усы институттың улыўма математика кафедрасында оқытыўшы болып жумыс иследи. Ол 1966-1968 жыллары Киев университетиниң Кибернетика факультетиниң «Есаплаў математикасы» кафедрасында илимий-изертлеўши болды. 1968-1971 жыллары сол жерде аспирантурада оқыды. Аспирантураны тамамлағаннан соң, ӨзРИА Қарақалпақстан филиалының тәбийғый илимлер Комплексли институтында киши илимий хызметкер лаўазымында иследи,  1974-жылы 8-январь күни Киев университетиниң Кибернетика факультетиниң қәнигелестирилген илимий кеңесиниң мәжилисинде 01.01.07-«Есаплаў математикасы» қәнигелиги бойынша  кандидатлық диссертациясын жақлап, математика илиминиң бул тараўы бойынша Қарақалпақстанда биринши илим кандидаты болды.

А.Отаров 1974-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының улыўма математика кафедрасында дәслеп аға оқытыўшы, соңынан доцент лаўазымларында жумыс иследи. Оның басламасы менен 1976-жылы Нөкис мәмлекетлик университетинде «Есаплаў математикасы» кафедрасы шөлкемлестирилди. Ол 1976-1987, 1992-2000-жыллары усы кафедраның баслығы лаўазымында жемисли мийнет етти.

А.Отаровқа 1983-жылы доцент илимий атағы, ал, 1992-жылы «Есаплаў математикасы» кафедрасы  профессоры илимий атағы берилди. Ол 1989-1995-жыллары университеттиң илимий ислери бойынша проректоры, ал, 1995-1997-жыллары университеттиң экономика ҳәм математика факультетлериниң деканы лаўазымларында жумыс иследи.

Профессор А.Отаров университеттиң илимий ислери бойынша проректоры лаўазымында жумыс ислеген дәўиринде илимий-изертлеў жумысларының тез пәт пенен раўажланыўына, олардың көлеминиң кеңейиўине ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды көплеп таярлаў жумысларына салмақлы үлес қосты. Оның басламасы менен университетте 1992-жылы Қарақалпақ филологиясы бойынша кандидатлық диссертация, ал, 1993-жылы докторлық диссертация жақлайтуғын Қәнигелестирилген илимий кеңеслер ашылды. Бул Қарақалпақстан илиминиң тарийхында ең ири ўақыялардың бири болды.

А.Отаров­ – өзиниң есаплаў математикасы тараўындағы көп санлы фундаменталь илимий мийнетлери менен илимий жәмийетшиликте аты белгили илимпаз. Ол 200 ден аслам илимий мақалалардың, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларына арналған сабақлықлар ҳәм оқыў әдебиятларының авторы.

Және де, А.Отаров улыўма билим беретуғын мектеплерге ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларына арналған «Информатика ҳәм есаплаў техникасының тийкарлары», «Информатиканың ҳәм есаплаў техникасының тийкарларын үйрениў» ҳәм басқа да оқыў қуралларын орыс ҳәм өзбек тиллеринен қарақалпақ тилине аўдарып, Қарақалпақстанда халық билимлендириў системасының да раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосты.

Профессор А.Отаровтың көп жыллық жемисли илимий-педагогикалық мийнетлери есапқа алынып, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң бир неше ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Ал, 1993-жылы оған «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атағы берилди.

Аманбай аға өмирлик жолдасы Гулсара Ахметова менен бирге 3 ул ҳәм 3 қызды тәрбиялап камалға келтирди. Олар турмыстан өз орынларын таўып, өз алдына шаңарақ көтерип, халық хожалығының түрли тараўларында хызмет етип келмекте. Қызы Жамиля әке жолын қуўып, Өзбекстан Миллий университетинде аспирантураны питкерип, физика-математика илимлериниң кандидаты илимий дәрежесине ийе болды. Ол ҳәзир университеттиң «Дифференциаллық теңлемелери» кафедрасында доцент лаўазымында табыслы жумыс ислеп атыр.

А.Отаров ҳәзирги ўақытта университеттиң «Әмелий математика» кафедрасында профессор лаўазымында жумыс ислеп келмекте. Бай тәжирийбеге ҳәм фундаменталь билимге ийе болған зәбердес устаздың ҳәм алымның өмир жолы, жумыс тәжирийбеси, оның ис усылындағы ҳадаллық ҳәм пәклик, талапшаңлық ҳәм кишипейиллик пазыйлетлери бүгинги күни жасларға үлги болып киятыр.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер